Жас спортшылардың жетискенликлерин көрип ҳәўес етсең арзыйды. Минекей, усындай спортшылардан бири Дәстанбек Атабалаев  Ол 1993-жылы  9-ноябрьде Ферғана ўәлаяты Алтарық районында туўылған. Балалығынан телевизордан каратэ бойынша Брюс Лидиң кинофильмлерин көрип, бул спорт түрине болған қызығыўшылығы артқанын сезген әкеси кишкенелигинен спорт дөгерегине береди. Ол жерде ол турақлы шынығыўлар ислеп, тренериниң айтқан тапсырмаларын булжытпай орынлайды.

Дәстанбек ҳәзир Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң тарийх ҳәм ҳуқық таныў факультети юрис пруденция бағдарының 4-басқыш студенти.

Д.Атабалаев спорт пенен турақлы 18 жылдан берли шуғылланып келмекте. Тынымсыз өз үстинде ислеўи нәтийжесинде ол 9 мәрте Өзбекистан чемпионы болды.

2007-жылы Болгария мәмлекетиниң Варна  қаласында өткерилген Жәҳән кубогинде алтын медаль, 2015-жылы Ташкент қаласында үлкенлер арасында болып өткен Азия чемпионатында гүмис медаль,  2016-жылы Португалия мәмлекетиниң Брага қаласында өткерилген Жәҳән универсиадасында сыйлы 3-орын, усы жылы 12-22-май күнлери Әзербайжан Республикасының Баку қаласында өткерилген Ислам мәмлекетлери тилеклеслик олимпиадасында  бронза медаль, 8-11-cентябрь күнлери Германияның Лепсин қаласында өткерилген «Токио-2020» Токио олимпиадасына сайлап алыў жарысында жоқары рейтинг балл топлап Гран при екинши орын гүмис медалы менен сыйлықланды.

Дәстанбек Атабалаев Өзбекистан каратэ сайланды командасының сәрдары. Қара белбеў ийеси. 1-дәрежели спорт шебери.

Д.Атабалаев устазлары Рустам Казаков, Уктам Бекполатов, Мойдин Сабировларға өз миннетдаршылығын билдирели.

Ол 2018-жылы жаз мәўсиминде Индонезияда  болып өтетуғын   Азия ойынларына қызғын таярлық көрмекте. Оның алдына қойған әрманлары бир қанша. Ол Испанияның Мадрид қаласында болып өтетуғын Жәҳән чемпионатына қатнасып жеңимпаз болып, елимиз байрағын жәҳән ареналарында көклерге көтериўдей ийгиликли нийетлерди алдына қоймақта.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы