Өзбекстан Республикасы Президенти Қураллы Күшлери Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев 28-ноябрь күни Шыршық дала оқыў майданында жоқары дәрежедеги жаўынгерлик таярлыққа келтирилген бөлимлердиң арнаўлы-тактакалық шынығыўларын бақлады.

Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 10-январь күни өткерилген Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген қурамдағы мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде елимиздиң қорғаныў потенциалын буннан былай да жоқарылатыў, миллий армиямыздың жаўынгерлик таярлығын арттырыў бағдарындағы жумысларға тоқтап, алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларды да санап өткен еди.

Соның ишинде, әскерлер қәлеген минутта өзиниң алдына қойған ўазыйпаларды  орынлай алыўы керек. Олар жаўынгерлик таярлықтың жаңа ситемасы бойынша турақлы шуғылланып барыўы, барлық әскерий хызметкерлердиң ҳақыйқый профессионал кадр болыўы ушын өзиниң тараўын пуқта ийелеўи шәрт екени атап өтилген еди.

Берилген тапсырмалар тийкарында жаўынгерлик таярлық ушын турақлы шуғылланыў, әскерий хызметкерлердиң кәсиплик маманлығын арттырыў ҳәм өз бағдары бойынша ўазыйпаларды анық орынлаўға ерисиўи ушын кең көлемли илажлар көрилди. Жаўынгерлик таярлық бағдарламалары қайта көрип шығылды, бунда, бәринен бурын, әскерий хызметкерлердиң руўхый жақтан шыдамлы болыўына итибар қаратылды. Әскерлерди ең заманагөй түрдеги әскерий техника ҳәм қурал-жарақ пенен тәмийинлеў илжлары көрилди. Булардың барлығы пүткил дүньяда, соның ишинде, әтирапымызда халықаралық терроризм, экстремизм ҳәм радикализм қәўпи барған сайын артып атырған бир ўақытта, туўылыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлерге қарсы мүнәсип соққы бериўге таяр болыўымыз, Өзбекстанның тыныш ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң көрсетпесине муўапық, Қорғаныў министрлиги әскерлериниң жаўынгерлик таярлығын тексериў ушын усы жыл 26-ноябрь таң азанда әскерлер «Тревога!» сигналы менен жоқары жаўынгерлик таярлық жағдайына келтирилди.

Тосаттан тексериўдиң тийкары мақсети –  усы жыл даўамында Қорғаныў министрлигиниң әскерлери ҳәм басқарыў уйымларында әмелге асырылған жумысларды баҳалаў және таллаўдан ибарат еди. Ҳәзирге шекем Өзбекстан армиясында бундай тексериў өткерилмеген.

Сигналдан соң Қорғаныў министрлиги орайлық аппараты, барлық әскерий округ ҳәм бөлимшелерде зәрүр шөлкемлестириў жумыслары әмелге асырылды. Әскерий полигонларда бир неше арнаўлы-тактикалық шынығыўлар өткериў ушын әскерлер колонна болып шығып кетти.

Бунда тийкарғы итибар әскерлерди турақлы ҳәм үзиликсиз басқарыўды шөлкемлестирў ҳәм қоллап-қуўатлаўға қаратылды. Тексериўдиң барлық басқышларында қәўипсизлик қағыйдаларына, әскерий техника ҳәм қураллардың сазлығына қатаң әмел етилмекте. Тосаттан тексериў даўамында арнаўлы дүзилген уйымлараралық жумысшы комиссия әскерлердиң ҳәрекетин қадағалап, таллап бармақта.

Жоқары дәрежедеги жаўынгерлик таярлыққа келтирилген бөлимшелердиң туўылыўы мүмкин болған қәўипти қайтарыўға байланыслы арнаўлы-тактикалық шынығыўлары Шыршық дала оқыў майданында да өткерилди.

Шынығыўлар шәрти бойынша, мәмлекетимизде жәмийетлик-сиясий жағдайды изден шығарыў, экономика тармақлары, оғада әҳмийетли объектлер, халықтың ғалаба топланыў орынларында диверсиялық актлерди ислеў және қалалар ҳәм елатлы пунктлерде ғалаба тәртип бузарлықларды келтирип шығарыўды мақсет еткен, мәмлекетлик шегараға жақын ҳәрекетленип атырған шәртли душпанды анықлаў ҳәм жексен етиў шынығыўларына ҳаўа-десантшылары, артиллеристрлер, мото-оқшылар, танкистлер, арнаўлы операция күшлери және Әскерий-ҳаўа күшлериниң бөлимшелери қатнасты.

Шәртли душпан базаларына ҳәм ол жайласқан аймақларға Әскерий-ҳаўа күшлери қурамындағы МиГ-29 ҳәм Су-25 қырыўшы самолётлары, Ми-24 вертолётларынан соққылар берилди. Шалғытыўшы ҳәрекетлерди әмелге асырған ҳалда, мәмлекетлик шегараны бузып өтиўге белсене кирискен шәртли нызамсыз топарларды артиллерия дивизионының жәрдеминде жексен етиўге қарар етилди.

Буннан соң саўаш майданында танкистлер бөлимшеси пайда болды. Олар танк биатлонында қолланылатуғын «Суўлы тосық», «Эскарп» ҳәм «Тирсекли көпир»ден шеберлик пенен өтип, белгиленген шекти ийелеп, «Танк карусели» урыс усылын қолланды.

Қорғаныў операциясы даўымында шәртли аўыр жараланған әскерий хызметкерлерди саўаш майданынан алып шығыў, вертолётда эвакуация етиў процесси көрсетилди.

Ең заманагөй түрдеги жаўынгерлик вертолётлар жеке қурамды белгиленген аймаққа десант усылында жеткерди. Парашют-десант батальоны финшлер аралығынан суғылып кирген шәртли душпанды улыўма әскерий резерв күш ҳәм қураллары менен жексен етиў ўазыйпасын табыслы орынлады.

Арнаўлы-тактикалық шынығыўлар әскерлеримиздиң жоқары профессионаллық шеберлигин, жоқары жаўынгерлик таярлығын, бир тән бир жан болып ҳәрекетлениўди көрсетти.

Шынығыўларды әскерий-админстрациялық секторлардың, тийисли министрлик ҳәм уйымлардың басшылары да бақлап барды.

Президентимиз полигонның жанындағы әскерий бөлимде жаратылған шарятлар, қурал-жарақ ҳәм техниканы көзден өткерди. Қорғаныў системасында әмелге  асырылып атырған өзгерислерден мақсет мәмлекетимиздиң қәўипсизлигин беккемлеў, халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў екенин атап өтти.

Профессионаллығы менен айрықша үлги көрсеткен полковник Қодир Турсуновқа автомашина, бир топар әскерий хызметкерлерге планшетлер саўға етилди. Бул жерде әскерий-админстрациялық секторлар, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары менен мәжилис өткерилди.

Усы күни Қураллы Күшлер академиясында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген қурамдағы мәжилиси болып өтти.

Онда Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстанды раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында барлық мәселелердиң қатарында әскерий қурылыс тараўында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Қәўипсизлик кеңесиниң усы жыл 10-январьда болып өткен мәжилисинде белгилеп берилген бағдарлар турмысқа енгизилди. Қураллы Күшлерди реформалаўға ҳәм раўажландырыўға қаратылған 46 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.

Өткен қысқа ўақытта әскерий бөлимлердиң структуралары толық жаңаланды. Нәтийжесиз ҳәм бирин-бири тәкирарлайтуғын әскерий бөлимлер қысқартылды. Нәтийжеде әскерлерди сақлап турыўға кететуғын қәрежетлер азайды. Азық-аўқат  пенен тәмийинлеўде аутсоринг системасы енгизилди. Бул әскерий бөлимшелер жаўынгерлик таярлығын арттырыў, ўақыт көрсеткишлерин еки есеге қысқартыў имканиятын берди.

Мәмлекетимиз армиясы қураллы күшлер қүдирети бойынша  дүнья рейтингинде бир жылда 9 басқышқа көтерилгени, Уллы Британияда өткерилген абырайлы «Кембрия патрулы» таңлаўында әскерлеримиз 90 мәмлекеттен қатнасқан 123 топар арасында биринши орынды ийелегени бул бағдардағы жумыслардың дурыслығын айқын дәлиллейди.

Армия ҳәм халық бирлигин тәмиийнлеў мақсетинде барлық аймақларда әскерий-админстрациялық секторлар шөлкемлестирилди ҳәм олар нәтийжели жумыс алып бармақта. Биринши мәрте мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының басшылары, ўәлаят ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарларының қатнасыўында мәжилислер өткерилди.

Тараўға қәнигелескен кәрханаларды бирлестиретуғын Қорғаныў санааты мәмлекетлик комитети шөлкемлестирилди.

Әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм тараў ветеранларын социаллық қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинге шекем әскерий хызметкерлерге 56 турақ жай тапсырылды. 1 мың 500 ден аслам әскерлер турақ жай менен тәмийинленди. Және 74 жай қурылыўы даўам етпекте.

Мәжилисте мәмлекетимиздиң әскерий қүдиретин буннан былай да беккемлеў, қорғаныў санааты ҳәм әскерий билимлендириўди раўажландырыў, қурал-жарақ ҳәм әскерий техникаларды модернизациялаў, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы әскерлерди басқарыў системасын жетилистириў мәселелери талланды.

Шавкат Мирзиёев Қәўипсизлик кеңесиниң мәжилисинде жасларда әскерий ўатансүйиўшилик руўхын беккемлеў мәселесине айрықша итибар қаратты.

Әскерлер, әскерий хызметкерлер елимиздиң даңқлы тарийхын, ана жеримизде жасап өткен уллы қаҳарманлар менен сәркардалардың өмир жолын ҳәм мәртлигин терең билиўи, олар менен мақтаныўы зәрүрлигин атап өтти.

– Мине, Әмир Темур бабамыз бенен ҳәммемиз мақтанамыз. Бирақ, қалыс айтайық, уллы Сақыпқыранның «Түзиклер»ин қанша әскер оқыған, – деп сораў қойды Шавкат Мирзиёев. – Ямаса уллы сәркарда Жалалиддин Мангубердиниң өмири ҳәм әскерий шеберлиги ҳаққында елеге шекем жеткиликли билимге ийе ме? Бул бабаларымыздың жеңислери, стратегия ҳәм тактикаларын дүньядағы көплеген әскерий мектеп ҳәм академияларда бүгин де үйренеди.

Мәмлекетимиз басшысы әскерлер әскерий ант қабыл етиўден бурын әлбетте, Өзбекстан тарийхы ҳәм «Темур түзиклери» пәнинен имтихан тапсырыўы керек екенин атап өтти. Алдыңғы әскерий техникалық бөлимлерге уллы сәркардаларымыздың атын бериў, шебер әскербасы бабаларымыз ҳаққында илимий изертлеўлер, көркем китаплар, кинолар даратыўға көрсетпе берди.

Мәмлекетимиздиң тынышлығын ҳәм қәўипсизлигин исенимли тәмийинлеў менен тиккелей байланыслы болған әскерий билимлендириў мәселесине биринши дәрежели итибар қаратыў, мектеплердеги әскерий таярлық сабақларына усы аймақта хызмет етип атырған, жоқары адамгершилик ҳәм кәсиплик өзгешеликлерге ийе жаўынгер офицерлерди тартыў, оқыўшыларды әскерий бөлимлерге алып барыў ҳәм хызмет процесслери менен жақыннан таныстырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршысы