30-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қазақ тили ҳәм әдебияты, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң филология (қазақ тили, түркмен тили) кафедраларының шөлкемлестириўинде «Абай және әлемдик өркениет» атамасындағы илимий-әмелий конференция болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-марттағы «Уллы қазақ шайыры ҳәм ойшылы Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳаққында»ғы қарары шеңберинде шөлкемлестирилген конференцияны университет ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашып берди.

Президентимиз Абай дөретиўшилиги ҳәм оның түркий халықлар әдебиятындағы орны ҳаққында Өзбекстан ҳәм Қазақстан еллери арасындағы дослық қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилген бүгинги күнде Абай Қунанбаев сыяқлы уллы ойшыллардың мәңгилик мийрасы халықларымыз ушын үлкен әҳмийетке ийе, деп атап өткен еди.

Конференцияда филология илимлериниң кандидаты, доцент Қ.Аралбаев «Қәзирги Абайтану мәселелери», филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жәримбетов «Абай ҳәм Бердақ шығармаларының идеялық-тематикалық үнлеслиги», институт аға оқытыўшысы Х.Алламбергенов «Абай ижодида маънавий-маърифий ғоялар талқини», филология илимлериниң кандидаты Э.Ешниязова «Применение технологии критического мышления при изучении творчества Абая», сондай-ақ, университет оқытыўшысы С.Авезқличева «Абайдың алтыаяқ қосық дүзиў формасы түркмен әдебиятында» атамаларында баянатлар жасады.

Атап өтилгениндей, Абай Қунанбаев қазақ халқының әдебияты, руўхый дүньясы ҳәм мәдениятының символы болып табылады. Оның дөретиўшилиги халықтың руўхый турмысы менен тығыз байланыслы, ал даналығы болса ҳәзирги заман менен үнлес. Уллы шайырдың дөретпелери инсан санасын оятып, ойына ой қосады, кеўиллерди сезимге бөлейди, өзин-өзи тәрбиялаўға бағдарлайды.

Абай шығармалары дүньяның көплеген тиллерине аўдарма исленди. Шайырдың ҳәр бир қосығы адамларға руўхый күш, илҳәм-йош берип, даналық, муҳаббат ҳәм ҳадаллықты жырлайды.

Конференция Абай дөретпелери тийкарында таярланған композициялық концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.