Республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде 1-декабрь – қарақалпақ тилине тил бийлиги берилген күн алдынан ашық сабақлар, ушырасыў, викторина ҳәм таңлаўлар шөлкемлестирилмекте. Пайтахтымыздағы 34-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де «Ана тилим – алтын ғәзийнем» атамасында кеше болып өтти. Онда оқыўшылар қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни бойынша билимлерин көрсетти.

Мәмлекетимиз ғәрезсизлик алған дәслепки жыллары қарақалпақ тили де мәмлекетлик тил статусына ийе болып, оны миллий қәдирият сыпатында қәдирлеў, халқымыздың руўхый байлығына айландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар нәтийже бермекте. Ана тилимиз бүгинги күнде тек өзара қарым-қатнас қуралы болып  қалмастан, руўхый-ағартыўшылық жақтан раўажланыўымыздың тымсалы сыпатында жоқары абыройға ийе.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен ноябрь айында республикамыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни айлығы өткерилип атырғаны да жасларымызға ана тилимиздиң кең имканиятларын, әҳмийетин көрсетип бериў, олардың қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнине қызығыўшылығын және де арттырыўға хызмет етпекте.

– Оқыўшыларымыз қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни айлығы шеңберинде шөлкемлестирилип атырған илажларда белсене қатнасып, билимлерин байытпақта, – дейди 34-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Оралхан Сапарова. – Тағы да илимпаз ҳәм дөретиўшилер менен әдебият ҳәптеликлери, ҳәр қыйлы кешелер, интеллектуаллық беллесиўлер, «Тилге итибар – елге итибар» атамасында баян жумысы таңлаўлары, илимий конференциялар шөлкемлестирилди. Бундай илажлар жас әўладтың санасында ана тилимизге ҳүрмет сезимин күшейтпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.