Туркияның Измир университети магистратура басқышында қарақалпақ тили үйретилмекте. Университет профессоры Мустафа Онер түркий тиллери бойынша филология қәнигеликлеринде оқып атырған магистрантларға қарақалпақ тили бойынша лекция оқып келмекте. Бул ҳаққында 30-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн» байрамына 29 жыл толыўы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илимий-теориялық конференцияда баянат жасаған Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультети доценти А.Пирниязова айтып өтти.

Илимпаздың мәлим етиўинше, усы жылдың 8-18-октябрь күнлери аралығында Россия Федерациясының Казань қаласындағы Казань Федерал университети Л.Толстой атындағы филология ҳәм мәдениятлар аралық коммуникация институтында «Көп миллетли мәмлекет шараятында ана тиллерин сақлаў ҳәм раўажландырыў: машқалалар ҳәм перспективалар» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий форумға Туркияның Измир университети профессоры Мустафа Онер де қатнасқан. Оның менен болған сәўбетлесиўде туркиялы алым университетте магистратура басқышында түркий тиллеринен қарақалпақ тилин оқытып атырғанын айтып өткен. Бул қарақалпақ халқы ушын үлкен қуўанышлы хабар болды.

Деген менен, туркиялы профессордың айтыўына қарағанда, қарақалпақ тилин оқытыўда бираз қыйыншылықлар жүз бермекте екен. Анықлаў етип айтқанда, Мустафа Онер магистрантларға 1947-жылы Нью-Йоркта Карл Менгестиң авторлығында инглис тилинде баспадан шыққан «Қарақалпақ грамматикасы. Фонология» ҳәм Н.А.Баскаковтың «Қарақалпақша-русша сөзлик» китапларынан ғана пайдаланып қарақалпақ тилин үйретип келмекте. Профессор қарақалпақ тилин сырт еллердеги жоқары оқыў орынларында үйретиў бойынша сабақлықлар жетиспей атырғанын мәлим еткен.

Институт доценти А.Пирниязова конференцияда усы мәселени ортаға таслап, жергиликли илимпазлар алдында турған усы бағдардағы жумысларды жетилистириў ҳаққында усынысларын билдирди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.