Елимизде көркем өнерге үлкен итибар қаратылмақта. Минекей, усындай қоллап-қуўатлаўлар нәтийжесинде бир қатар жас талант ийелери жетилисип шықпақта.

Солардың қатарында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине қараслы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң де орны гиреўли.

Усы мектепте 15 жылдан берли жемисли мийнет етип киятырған  Бийбисәнем Реймова ҳаққында сөз етпекшимиз.

Б.Реймованың әжағасы Султамурат Реймовтың көркем өнер тараўында   мийнет етип атырғанлығы онда үлкен ҳәўес оятып,   Бийбисәнемниң көркем өнерге  болған қызығыўшылығына түртки болады.

1998-жылы пайтахтымыздағы Ж.Шамуратов атындағы көркем өнер училишесине оқыўға кирип, бул дәргайда устазы Мақсет Тарийховтан көркем өнер сырларын терең үйрене баслайды.

Б.Реймова 2002-жылы дәслепки мийнет жолын қаламыздағы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде тарлы  әспаблар бөлиминде скрипка саз әспабы оқытыўшысы болып жумыс ислеўден баслайды.

Сол ўақыттан  берли ол бир қанша жас талант ийелерине терең билим берип келмекте.

Биз Бийбисәнем менен ушырысып, бүгинги жаслардың көркем өнерге болған қызығыўшылығы, шәкиртлери ҳаққында пикирлери менен ортақласыўға барғанымызда, ол скрипка бойынша ашық сабақ өтип атырған екен. Бизлердиң дыққатымызды оның кишкене шәкирти Тумарис Идирейсова тартты.

– Төрт жасымнан баслап скрипка шертиўге қызығып, устазым Бийбисәнем апаға қатнап, скрипка шертиўди үйренип атырман. Мен де устазымдай болғым келеди,- дейди Тумарис.

– Елимизде көркем өнерге болған итибар күшли. Музыкаға қызығыўшы балаларымыз 4-5 жасынан баслап қатнап баслайды. Оларға ең дәслеп ашық тарларда шертип үйретемиз. Қәбилетли, талантлы бала қолына скрипканы услағаннан-ақ, қоллары келисип услап, ҳәрекетке келе баслайды. Соң, қолларын үйретип, өзлестиргеннен кейин, ҳәр түрли жанрдағы қосықларды, спектакльлерден үзиндилер үйретип баслаймыз.

Скрипка – саз әспабы басқа тарлы әспаблардаң қурамалылығы менен ажыралып турады. Ол төрт тардан (мий, ля, ре, сол) ибарат, бул әсбапты үйрениў ушын инсаннан 7 жыллық билимди талап етеди.

Ҳәзирде оқыўшыларымыз жергиликли композиторлар менен бир қатарда шет елли композиторлардың шығармаларын да шерте алады.

– Бир қатар оқыўшыларым пайтахтымыздағы Мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде оқымақта. Атап айтқанда, шәкиртим Мансур Камалбаев ҳәм Азамат Аллановлардан үмитим мол.

Оқыўшылары менен тарлар, сазлар арқалы тиллесип, мүләйимлық пенен бар билгенин үйретип атырған  бул устаздың жумысларында табыслар тилеймыз.

 

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы