Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде

29-ноябрь күни Хорезм ўәлаятына келди.

Мәмлекетимиз басшысы Хорезмге сапарлары ўақтында ўәлаят экономикасын раўажландырыў, санаат ҳәм аўыл хожалығын структуралық өзгертиў, социаллық объектлерди қурыў ҳәм инфраструктураны жақсылаў, халықтың абаданлығын арттырыў бойынша бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Өткен дәўирде аймақта көплеген жаңа кәрханалар, киши бизнес субъектлери шөлкемлестирилип, кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды. Санаат, транспорт, аўыл хожалығы, туризм, билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда перспкетивалы жойбарлар турмысқа енгизилди. Ири кәрханалар, турақ жайлар, билимлендириў мәкемелери, социаллық-мәдений объектлер қурылды. Және көплеген жойбарлар бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.

Президентимиз ўәлаятқа нәўбеттеги сапарын Шават районынан баслады.

Мәмлекетимиз басшысы буннан еки жыл бурын «Uztex» компаниялар топарына Шават районының шетки аймағында жоқары технологиялық имканиятларға ийе тоқымашылық кәрханасын шөлкемлестириў ҳәм жергиликли халықты жумыс пенен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берген еди.

Усы ўақыт ишинде бурын бар болған кәрхана тийкарында алдыңғы технологиялар менен үскенеленген, мыңнан аслам жумыс орнына ийе қоспа кәрхана иске қосылды.

Баҳасы   65 миллион доллар болған жойбардың дәслепки басқышында Италияның «Лонати» компаниясында ислеп шығарылған 528, усы жылда және 512 шулық тоқыў үскенеси сатып алынды. Жылына 30 миллион долларлық 70 миллион жуп шулық таярлаў қуўатлылығына ийе қоспа кәрханада өндирис процеси толық инновациялық технологиялар тийкарында басқарылады.

Өткен жылы кәрханада 5,7 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, ишки базарға жиберилди. Усы жылдан толық қуўатлылық пенен ислей баслаған кәрханада октябрь айының жағдайына бола 12,5 миллион жуп шулық тоқылды. 3,85 миллион долларлық өним АҚШ, Россия, Молдова, Украина сыяқлы бир қатар мәмлекетлерге экспорт етилди.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхана жанында шөлкемлестирилген логистика орайы, тоқыў, қадақлаў цехлары, лаборатория жумысы менен танысты, жумысшыларға жаратылған шараятлар менен қызықты.

Бул кәрханананың технологиялық имканиятларына бола дүньяда санаўлы, Орайлық Азияда бирден-бир кәрхана болып есапланады. Бул жерде ҳәзирги күнде шулық, сүлги сыяқлы тоқымашылық өнимлериниң жаңа модельлерин өзлестириў ҳәм экспорт көлемин арттырыў бойынша жумыс алып барылмақта.

Экономикамызға инвестиция киргизиў. ишки ҳәм сыртқы базарда бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша берген тапсырмалар себепли бүгин исбилерменлерден қорқыў жоғалды. Кәрхана ашаман, жумыс орнын жаратаман, дегенге ҳеш қандай тосқынлық жоқ, бизнес ушын барлық кепилликлер жаратылған.  Оннан сырт елли шериклеримиз де мәпдар болып экспортқа үлес қоспақта, деди мәмлекетимиз басшысы.

Бул жерде Хорезм ўәлаятында тоқымашылық санаатын раўажландырыў, «Dererlop Textile» ЖШЖ тәрепинен «Хазарасп» еркин экономикалық зонасы аймағында жеңил санаат комплексин шөлкемлестириў, Шават районында аралас ҳәм пахтадан ийирилген жип ислеп шығарыў бойынша жаңа ийириў фабрикасын қурыў, Үргенш қаласында «Textile finanse Horezm» ЖШЖ тәрепинен таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў, Ташкент ўалаяты Паркент районында Заркент санаториясын қурыў жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы жеңил санаат тармағын жедел раўажландырыў, өним экспортын кеңейтиў, қосымша дәрамат дәреклерин ҳәм жумыс орнын көбейтиў бойынша зәрүр көрсетпелер берди.

«Katqal’a teks» қоспа кәрханасының аймағында Хорезм ўәлаятын раўажландырыўға байланыслы экономикалық жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Малайзияның «Serba Dinamik Group» компаниясы вице-президенти Палендран Палачандран мәмлекетимиз басшысына «Хазарасп» еркин экономикалық зонасы аймағында каустик сода ислеп шығарыў заводын қурыў инвестициялық жойбарын усынды. Баҳасы 250 миллион доллар болған жойбар 100 процент компания инвестициясы тәрепинен әмелге асырылады. Кәрхана иске қосылғаннан соң, жылына 33 мың тонна каустик сода ҳәм 30 мың тонна хлор ислеп шығарылады.  150 жумыс орны жаратылатуғын кәрхана өнимлериниң толық экспорт етилиўи режелестирилген.

Өзбекстанның Малайзия, Саудия Арабстаны, Түркменстандағы елшиханалары тәрепинен ўәлаятқа сырт ел инвестициясының жойбарлары алып келинбекте. Атап айтқанда, Малайзиядағы елшихана тәрепинен каустик сода ислеп шығарыў жойбарынан тысқары кондитер өнимлери, медициналық косметология  хызметлерин көрсетиў эстетикалық орайын ашыў, таяр тоқымашылық ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиў, Саудия Арабстанындағы елшихана тәрепинен Хийўа қаласындағы Аллақулыхан ҳәм Қутлы Мурат Инақ медреселерин қайта оңлап, оларда мийманханалар шөлкемлестириў, «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде Хорезм ўәлаятына Ислам раўажланыў банкиниң 100 миллион долларлық жеңиллетилген кредитлерин тартыў, Түркменстандағы елшихана тәрепинен бул жерге туристлер ағымын көбейтиў бойынша жойбарлар ислеп шығылған.

Презентация даўамында Президентимиз бул жойбарлардың әҳмийетине итибар қаратты. Аймаққа тартылатуғын сырт ел инвестицияларын көбейтиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Шавкат Мирзиёев Үргенш-Хийўа поездында Хийўа қаласына келди.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл январь айында Хорезм ўәлаятына сапары даўамында Үргенштен Хийўаға шекем темир жол ҳәм Хийўа қаласында заманагөй вокзал қурыў, бул жолда электропоездлар, келешекте жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын «Afrosiyob» тез жүрер поездының қатнаўын жолға қойыў зәрүрлигин атап өткен еди. Қысқа ўақытта бул жақсы баслама әмелге асырылды.

Вокзал имараты Хорезм архитектурасы үлгилерин өзинде сәўлелендирип, оны заманагөй VIP  зал, ана ҳәм бала, медициналық бөлмелер бар. Вокзалда 35 жумысшы бир ўақыттың өзинде 200 жолаўшыға хызмет көрсетеди. 20 орынлық мийманхана жерлеслеримизге ҳәм туристлерге қосымша қолайлылық жаратады.

Вокзалдан «Ишан қала» музей-қорықхана комплексине шекемги аралық 2 километр. Бул қалада туризмди және де раўажландырыў, туристлерди тартыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Үргенш-Хийўа темир жол жөнелиси ҳәм Хийўа вокзалы ашылды. Келешекте Хийўаға шекем «Afrosiyob» тез жүрер поездының қатнаўын жолға қойыў режелестирилген.

Президентимиз вокзал инфраструктурасын және де жақсылаў, жолаўшыларға халықаралық стандартлар тийкарында хызмет көрсетиў, туристлерге және де  қолайлықлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

Шавкат Мирзиёев Хийўа темир жол вокзалы менен «Ишан қала» комплекси арасында қурылып атырған бағды көзден өткерди. Бул да мәмлекетимиз басшысының бурынғы сапарлары ўақтында берилген тапсырманың орынланыўы болып, Хийўаға жаңаша көринис бағышлады.

Бағдың еки тәрепинде еки қабатлы туризм объектлери қурылған. Олардың биринши қабатында өнерментшилик устаханалары, саўда ҳәм турмыслық хызмет дүкәнлары, екинши қабатында шаңарақлық мийманханалар, ресторанлар шөлкемлестирилген. Бул бағ ҳәм шақапшалар туристлерге қосымша қолайлылық жаратыў менен бирге, адамлар ушын жумыс орны, дәрамат дәреги  де болады.

Президентимиз бул жерде Хорезм ўәлаятының туризм потенциалын раўажландырыў Хийўа қаласының тарийхый бөлегин толық режелестириўге байланыслы жойбарлар менен танысты. Оларда елимизде халықаралық брендтеги мийманханаларды қурыў, саўда ҳәм сервисти кеңейтиўге қаратылған режелер таныстырылды.

Шавкат Мирзиёев сырт ел исбилерменлери менен сәўбетлесип, олардың инвестициялық усыныслары бойынша көрсетпелер берди.

Бизнес деген не? Мәп деген сөз. Өзбекстанда туризм жүдә пайдалы, перспективалы тараў. Соның ушын бул тараўға исбилерменлерди,  инвесторларды көбирек тартып, оларға «жасыл коридор» етип бериў керек, деди мәмлекетимиз басшысы.

Хийўа жанында көп қабатлы турақ жайларды қурып, қаланың тарийхый бөлегинде жасап атырған халықты басқышпа-басқыш көшириў, қала ишиндеги жайларды туристлик объектлерине айландырыў зәрүрлиги атап өтилди. Биз сырт елли туристлерди әййемги тарийхымыз ҳәм қәдириятларымыз бенен тартыўымыз мүмкин. Бирақ Хорезмниң, Хийўаның тарийхы толық үйренилмеген, оны таныстырыў бойынша системада жоқ. Соның ушын Хорезм тарийхын ең әййемги дәўирден баслап үйренип, адамларға әпиўайы тилде түсиндириў керек. Хийўаға келген адам үлкен қызығыўшылық, билим алып кетсин, бул жерде көбирек қалып ўақтын мазмунлы өткерсин, деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан Илимлер академиясы, Хорезм Маъмун академиясы, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм басқа да тийисли шөлкемлерге бул бойынша тапсырмалар берилди.

«Өзбекжипексанаат» ассоциациясы өндирис ҳәм илим интеграциясы тийкарында елимиздиң пиллешилик тараўы ушын пүткиллей жаңа ислеп шығарыў бағдарларына тийкар салмақта. Бул бағдарда дәслепки жетискенликлерге ерисилди. «Khiva Silk Fabric»кәрханасында әмелге асырылып атырған ири жойбар мине солардан бири болып есапланады.

Президентимиздиң пиллешиликти буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы басламасы тийкарында шөлкемлестирилген бул кәрхана жайласқан имарат 1976-жылда қурылған, кейинги 15 жыл даўамында бос турған еди. Тасланды имаратта жумыс баслаған кәрханада инновациялық идеялар, креатив көз-қараслар тийкарында ислеп шығылған жойбардың биринши басқышы усы жылы август айында иске қосылды. Кластер усылында жылына 140 тоннадан аслам кептирилген пиллени қайта ислеў қуўатлылығына ийе кәрханада 110 турақлы жумыс орны жаратылды.

Әмелге асырылған диверсисфикация жумысларының нәтийжесинде баҳасы 1,1 миллион долларға тең экспорт шәртнамаларына қол қойылды. Олар тийкарында Қытай ҳәм Пакистанға жипек өнимлерин жеткерип бериў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханада әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлар менен танысты, ислеп шығарылыўы күтилип атырған жаңа өнимлердиң үлгилерин көзден өткерди.

2019-жылдан жипек талшығынан материал ҳәм таяр кийим-кеншек ислеп шығарыў, қурт гүбелегинен лаборатория усылында май алыў жолға қойылады. Жипекти алғаннан кейин пиллениң ишинде қалатуғын қурт гүбелегине усы күнге шекем шығынды сыпатында қаралған. Белокка жүдә бай қурт гүбелегинен косметологияда қолланылатуғын қымбат баҳалы май алынады. Қытайда бул майдың  1 литри 40-50 доллар турады.

Кәрханада хитинг ҳәм хитозан элементлери, биологиялық белсене бирикпелер, қурт гүбелеги консервасы, тут жапырағынан шай ҳәм мазалы затлар ислеп шығарыў да нәзерде тутылған.

Хитинг ҳәм хитозан элементи өсимлик туқымы шириўиниң алдын алады, тез раўажланыўына жәрдем етеди. Ҳәзирше бул өнимлер елимизге сырт елден алып келинбекте. Итибарлысы, тут жапырағынан мазалы затлар ислеп шығарыў биринши мәрте жолға қойылмақта.

Кәрханада жипек алыў ушын ислетилетуғын суў шөгиндисинен сабын алыў әмелияты жолға қойылмақта. Пиллени жибитиў даўамында оның қурамындағы 18 түрли аминокислота, цирицин ҳәм фебриин сыяқлы элементлер суўға өтеди. Усы ўақытқа шекем бул суў ағызып жиберилген. Үлги түриндеги сабынлар хош ийислилиги, шыпалылығы менен ажыралып турады.

Бул жерде қытайлы шериклер менен жипек туқымын ислеп шығарыў, шарўашылық, қусшылық, балықшылық, бағшылық, қаўынның зүрәәтли ҳәм экспортқа қолайлы түрлерин жаратыў, тийкарғы ҳәм тәкирарий егинде салы жетистириў, Хорезм шараятында жерден үнемли пайдалыныў сыяқлы бир қатар перспективалы жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Президентимиздиң Хорезм ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулло ЖОНИБНЕКОВ,

Улуғбек АСРОРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары