Нөкис әскерий прокуратурасында Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлим ҳәм мәкемелердиң баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары қатнасыўында «Ҳуқықбузарлықтың ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў» атамасында үгит-нәсият илажы өткерилди.

Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен өткерилген илажда әскерий хызметкерлер арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған жумыслар, келешекте әмелге асырылыўы тийис болған илажлардың режеси белгилеп алынды.

– Миллий армиямыздың жаўынгерлик қудиретин арттырыў, әскерий хызметкерлерге мүнәсип шараятлар жаратыў турақлы итибарда. Кейинги жыллары бул бағдардағы реформалар жаңа басқышта даўам еттирилмекте, – дейди Нөкис әскерий прокурорының жәрдемшиси Шомирза Қулдошев.

– Атап айтқанда, әскерий потенциалды арттырыў мақсетинде армияны заманагөй әскерий техникалар ҳәм қурал-жарақ пенен тәмийинлеў жаңа басқышқа көтерилди. Теориялық билимлерди әмелиятта сынақтан өткериўге итибар күшейтилди.

Усы жылдың өзинде дала полигонларында жаўынгерлик жағдайларға жақын шараятта әмелий шынығыў өткериў сезилерли дәрежеде артты. Бул әскерий хызметкерлердиң психологиялық ҳәм руўхый таярлығын беккемлеў ҳәм миллий армиямыздың потенциалын жоқарылатыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.