Усы жыл 28-ноябрь ҳәм 4-декабрь күнлери аралығында пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде спорттың гандбол түри бойынша ересеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында  Өзбекстан чемпионатының 4-тур ойынлары өткериледи.

Оған Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент, Самарқанд, Алмалық қаласы ҳәм Әндижан, Хорезм, Бухара ўәлаятының командаларынан ибарат жәми 250 ден аслам спортшылар қатнаспақта.

Бүгин жарыстың дәслепки күнинде ҳаял-қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы командасы менен Әндижан ўәлаятының командасы, Самарқандтың «Булунғур» командасы менен Хорезмниң «Үргениш» командасы, Ташкент қаласы командасы менен Алмалық кән металлургия комбинаты кәрханасы командалары баслап берген болса, ал, ерлер арасында Әндижан ўәлаяты командасы менен республикалық қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп интернатының командасы, Ташкент қаласы командасы менен Бухара ўәлаятының командасы, Хорезм ўәлаятының «Үргениш» командасы менен Қарақалпақстан Республикасы командасы ойынға түсип,  жеңис ушын  гүрес алып бармақта.

Жарыс 4-декабрьге шекем даўам етеди.

Сондай-ақ, усы жыл 28-30-ноябрь күнлери пайтахтымыздағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың белбеўли гүрес түринен 2000-2001-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан кубоги өткерилмекте.

Жарысқа Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларынан 300 ге шамалас спортшылар қатнасып, онда  жас өспиримлер 11 салмақ категориясында, ал қызлар 7  салмақ категориясында өз-ара күш сынаспақта.

30-ноябрь күни кубок ойыны жуўмақланып, жеңимпазлар анықланады.

Бул ҳаққында мағлыўмат берип барамыз.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы