Республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2018-жыл 29-ноябрь күнги санында Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың «Биреўди жиберейин, бир газет берип жибер» атамасындағы мақаласы жәрияланды. Мақаланы төменде оқыўыңыз мүмкин.

 

Телефонда үлкен исеним менен салмақ таслап айтылған бул гәптиң ийеси тилекке қарсы биреў емес. Ҳәр ҳәптеде ушырасып турады. Газетаның бүгинги санында оның мақаласы шыққан. Бас редакторға қоңыраў етип газета сораўға ҳәдди сыяды. Редакциядағылар «бир газет берип жибериўге миннетли!» Редактор кишипейиллик етип «өзиңиз газетаға жазылмадыңыз ба?» деп сораўға тартынады, әндийше қылады. Биледи ақыры, сораған жағдайда да жуўабы тайын: иним, сол бир жапырақ қағазыңды меннен аяп отырсаң ба, пулын төлеймен, деп оны «уялтып» таслайды, ямаса, «тандырдың басынан алдырып жеген шөректиң мазасы өз алдына дә!» деп ҳәзил етеди.

Ҳаслында ол газетаға жазылмаған. Оған тек өзиниң мақаласы шыққан бүгинги газета керек. Өзиниң мақаласын «қысқарып қалды ма екен» деп ықлас пенен оқып шығады. Оқып болғаннан кейин дөгерегиндеги мақалалардың темасына көз жуўыртады, ҳеш қайсысын танымайды екен. Усының менен газетаның бетлери жабылады да, шкафқа түседи, ўәссалам!

Бул аўҳалды ҳеш ким бийкарламай-ақ қойсын. Ўақтында оны өзимиз де басымыздан кеширгенбиз. Егер мен жазылмасам, сен жазылмасаң, ол жазылмаса газета редакциясының аўҳалы қандай болатуғынын ол ўақытлары ойламағанбыз. Енди «Қазанның басына» келгеннен кейин бул қазанға салынатуғын «заттың», оны қайнататуғын «отын»ның керек екенин түсинип билип атырмыз ҳәм бул түсинигимизди көпшилик газета оқыўшыларына түсиндирип өтиўди өзимизге парыз деп билдик.

Буннан онлаған жыл бурын жақын районлардағы хожалықлардың бирине үш редактор болып жазылыў мапазына барғанбыз. Хожалық басшысының узын кабинетинде отыз-қырқ адам жыйналып, мәжилис өтип атыр екен. Қапыны ашып барғанымызды сезип қалған баслық дәрҳәл бизди ишке мирәт етти.

– Әйне ўақтында келдиңиз, – деди ол қасынан үшеўимизге орын берип. – Ҳәмме мәселелер ҳаққында сөйлесип болып, енди газета-журналларға жазылыў ҳаққында сөйлесип алмақшы болып турып едим. Инанбасаңыз, отырғанлардың қолларына қараң, төрт-бес каталогты қолларына бергенмен. Қәне, көрсетип жибериң.

Отырғанлар ҳәр жер – ҳәр жерден қолларындағы газета-журналлардың индекси ҳәм баҳалары жазылған каталогты көрсетти.

– Яшуллы, сиз қандай газетаға жазылатуғын болдыңыз? – деди ортарақта отырған муртына ақ араласа баслаған жасы үлкенге қарап.

– «Даракчи» арзанлаў екен, соны мөлжеллеп отырман.

– Жеңге, сиз ше?

– «Бекажон»ды белгилеп қойдым.

– Иним, сиз не?

– «Хазина»ға жазыламан. Кеште телевизор көрип болғаннан кейин кроссворд шешкенди жақсы көремен.

– Қарындасым, сиз не?

– Мен үкеме «Жеткиншек»ке жазылажақпан.

– Қудаға шүкир, өзимизди умытпайтуғынлар да бар екен.

Буннан кейин ол ҳеш кимнен қандай газетаға жазылатуғыны ҳаққында сорамады.

– Мен төмен басшы екенмен, – деди ол өзине-өзи сын берип. – Сизлерден пахтаны сораппан, шарўаны сораппан, бақшаны сораппан, не оқып жүрсиз деп бир аўыз сорамаған екенмен. Минекей, жылдың аяғы, қыстан ҳеш қандай әбигерленбей шығасыз, себеби, жоқ дегениңиздиң қораңызда еки саўын сыйырыңыз бар, дәнханаңызда он-он бес қалта жүўери, тары, гүнжи, айўаныңызда елиў-алпыс ғарбыз-қаўын бар. Лекин, есигиңизге почта келмейди дә! «Даракчи» де керек, «Бекажон» да керек, «Хазина» да керек. Бирақ республикада болып атырған жаңалықларды қаяқтан оқыйсыз? Президентимиздиң Пәрманларын, Жоқарғы Кеңестиң қарарларын, Министрлер Кеңесиниң бийликлерин, буннан басқа да ҳәр түрли жаңалықларды, алдынғы тәжирийбелерди кимнен сорап билесиз? «Әмиўдәрья»ны сизлер оқымасаңыз, жазыўшыларымыз ким ушын шығарма жазып атыр?!

«Сөз жүйесин тапса, мал ийесин табады» деген, отырған көпшилик төмен қарап қалды.

– Иним, бүйтип қысындырма, – деди бағанағы муртына ақ аралаған жасы үлкен орнынан турып. – Мени «Еркин Қарақалпақстан» менен «Әмиўдәрья»ға жаз.

– Маған «Халқ сўзи».

– Мен «Қарақалпақстан жаслары»на жазыламан.

Бир заманда ҳәмме стол дөгерегине үймелесип, квитанция толтыра баслады. Бизлер неге келгенимиз ҳаққында иллә деп аўыз ашпадық. Жәмәәт кеўлимиздегини айтпай түсинди.

– Сизлер буны қысынғаныңыздан ислеп атырсыз, – деди және хожалық баслығы. – Буннан былай ҳәр бириңизден тек жыйналыста емес, көрген жерде «не оқып атырсаң?» деп сорап тураман. Қайсы жазыўшының шығармасын оқып атырғаныңыз ҳаққында мени де хабардар етип турың. Ал, ҳәзир ҳәммеңизге хожалықтың жыллық дәраматы есабынан бир айлығыңыз муғдарында сыйлық бериўге буйрық шығараман.

Ҳәмме қол шаппатлап жиберди. Бул мениң яддан тоқыған гүрриңим емес, болған ўақыя. Буны еске алып өтиўдиң бүгин утыры келди. Себеби, жылдың жуўмақланыўына бир ай ғана ўақыт қалды. Еле республикамыздан шығатуғын басылымлардың ҳеш бириниң тиражы мың данаға жеткен жоқ. Ҳәр жылы 10 мың нусқадан зыят таралатуғын «Еркин Қарақалпақстан» газетасына бүгинги күни жазылыўшылардың саны 965, «Әмиўдәрья» журналына 168, «Қарақалпақ әдебияты»на 191, «Вести Каракалпакстана»ға 268, «Қорақалпоғистон тонги» газетасына 306 оқыўшы. Аўҳал усы турысында қалатуғын болса бул басылымлардың ҳеш қайсысы да жыл даўамында өз жумысын даўам ете алмайды. Сиз бенен биз оған қалайынша тамашагөй болып турамыз?

Әзиз оқыўшылар! Жазылыў мапазына бийпарқ болмайық. Газета-журналлар бизиң руўхый дүньямызды байытатуғын ҳасыл ғәзийне. Бул ғәзийне сизики ҳәм бизики, ҳәммемиздики!

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги