Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нью-Йорк қаласындағы резиденциясында 27-ноябрь күни БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында траст фонды жумысының басланыўына бағышланған илаж болып өтти.

Илаж Өзбекстан Республикасы, Норвегия ҳәм Япония ҳүкиметлери тәрепинен БМШтың инсан қәўипсизлиги бойынша бөлими ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилди. Онда БМШ арнаўлы структуралары, Халықаралық валюта қоры, Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, АҚШтың жетекши компаниялары менен банк-финанс институтлары, халықаралық мәмлекетлик емес экология бирлеспелери, илимий топарлардан 300 ге шамалас адам қатнасты.

Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында траст фондын шөлкемлестириў бағдарындағы елимиз басламасының БМШ тәрепинен қоллап-қуўатланғаны Өзбекстан ҳәм халықаралық жәмийетшилик пенен регионда экологиялық кризис ақыбетлерин сапластырыў және социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс шараятын арттырыў жолындағы белсенди сөйлесиўдиң логикалық даўамы болды.

Мәмлекетимиз делегациясы ўәкиллери жоқары дәрежедеги илаждың басланыўында БМШ Бас хаткери Антониу Гуттеришке Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң сәлемин ҳәм Траст фонды жумысын шөлкемлестириўдеги жәрдеми ушын миннетдаршылығын жеткерди.

Антониу Гуттериш мәмлекетимиз басшысына өзиниң жақсы нийетлерин ҳәм 2017-жыл сентябрь айында Нью-Йорк қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыў ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўге таяр екенин жеткериўди сорады.

Илаждың ашылыўында Антониу Гуттериш шығып сөйледи ҳәм Траст фондының шөлкемлестирилиўин «Жәбирленген регион тарийхында жаңа бет», деп баҳалады. Бул тегин емес, әлбетте.

Бас хаткер 2017-жылдың июнь айында Аралбойы аймақларына сапар еткен ҳәм жәҳәндеги ири ишки суў бассейнлеринен бири Аралдың қурып барыўы себепли регионда кризиске ушырап атырған социаллық-экономикалық жағдайды өз көзи менен көрген, инсанлардың турмыс тәризи ҳәм келешекке исеними сөнип баратырғанына гүўа болған еди. Жоқары мәртебели мийман бундай жағдайға «жер жүзилик көлемдеги апатшылық» сыпатында қараған еди.

Аралбойы регионы машқаласына дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратыў ҳәм регионның раўажланыўы ушын техникалық-финанслық ресурсларды пайдаланыў Траст фондының тийкарғы мақсет ўазыйпаларынан болып есапланады. Усы мәниде Антониу Гуттериш донор жәмийетшиликлердиң ис-ҳәрекетин бирлестириў имканиятын беретуғын бул структура жергиликли халықтың жоғалып баратырған үмитлерин қайтарыў, олар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў мүмкиншилигин беретуғынын атап өтти.

Арал апатшылығы заманымыздың ең үлкен экологиялық машқалаларынан бирине айланып үлгерди. Теңиз түбинен көтерилип атырған шаң жылына 80 миллион тоннаға шамалас дуз ҳәм зыянлы химиялық элементлерди Шығыс Европадан Гималай таўларына шекем, Антарктида жағалықлары менен Гренландия музлықларына ҳәм ҳәттеки, Норвегия тоғайларына шекемги үлкен аймаққа жайып атырғаны «Жоқ етилген үмитлер» ибарасын тереңирек аңлаў ҳәм машқаланың қаншелли апатшылық түрге енип атырғанын түсиниў имканиятын береди.

Бүгинги күнде экологиялық кризис ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған ҳәрекетлерди бирлестириў Өзбекстанның сыртқы сиясатындағы бас бағдарлардан бири болып табылады. Соған муўапық, Арал теңизи кризиси ақыбетлерин жумсартыў ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша 2013-2017-жылларға мөлшерленген комплексли илажлар бағдарламасы шеңберинде 500 ден аслам жойбар әмелге асырылды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 19-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде дүнья жәмийетшилигиниң итибарын және бир рет Арал апатшылығына қаратты. Президентимиздиң басламасы менен 2018-2021-жылларда Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламаның қабыл етилгени болса, Өзбекстанның усы сыяқлы экологиялық апатшылық ақыбетлерине қарсы гүресиўдеги өзгермейтуғын сиясатын өзинде сәўлелендирди.

Әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов та қатнасты ҳәм Аралбойы регионындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, инсан өмирине қәўипли тәсирлерди жумсартыў бойынша мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған комплексли илажлар ҳаққында мағлыўмат берди. Өзбекстан Президентиниң басламасы менен Аралбойы халықаралық инновация орайының шөлкемлестирилгени ҳәм оның тийкарғы мақсетлери менен ўазыйпалары туўралы баянат жасады.

Арал теңизиниң қурыўы дүньядағы ең үлкен экологиялық апатшылықлардан бири болып, региондағы ҳүкиметлер және жәмийетшиликлер ушын бир қатар экологиялық, социаллық-экономикалық, медициналық ҳәм гуманитарлық машқалалардың себепшиси, деп есапланады. Бүгинги күнде аймақта ишимлик суўының там-тарыслығы, түрли кеселликлердиң кең тарқалыўы, аналар ҳәм балалар өлиминиң артыўы бақланбақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында болды ҳәм бул жердеги жағдай менен және бир рет жақыннан танысты.

Мәмлекетимиз басшысының ис-ҳәрекети менен бул аймақта социаллық-экономикалық реформаларды нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде келеси еки жылда улыўма нырқы 1,5 миллиард АҚШ доллары болған 800 ге шамалас жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Илажда Траст фондын шөлкемлестириў басламасын 2015-жылы Өзбекстан тәрепи алға қойғаны атап өтилди. Әнжуманда Япония, Норвегия, Нигерия, Қазақстан, Алжир, сондай-ақ, бир қатар мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллери усы фондтың жумысын қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди. Форум шеңберинде Өзбекстан ҳүкиметиниң Фонд қорына ҳәр жылы 2 миллион АҚШ доллары ажырататуғыны атап өтилди. Норвегия делегациясы ағзалары да шығып сөйлеп, мәмлекет ҳүкиметиниң Фонд қорына 1,2 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратыў бойынша қарары ҳаққында мағлыўмат берди.

Форумның жуўмағы бойынша баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди. Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда бул форум өзиниң әҳмийетине бола тек ғана фондтың жумысында емес, ал Орайлық Азия регионында экология ҳәм суўдан пайдаланыў бағдарындағы халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўда жаңа басқышты баслап беретуғыны, алға қойылған усыныслар менен басламалар регион халықларының абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы