«Ўзбекистон ҳаво йўллари» Миллий авиакомпаниясы 2018-жылдың 30-декабрь күнинен 2019-жыл 3-январь күнине шекем Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен барлық ишки рейслер ушын шегирмелер жәриялады.

Компания баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, индивидуал (бир адамлық) жолаўшыларға – 30 процентлик байрам шегирмелери усыныс етиледи.

Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң тийисли оқыў мәкемелериниң тыңлаўшылары, туристлик топарлар (5 ҳәм оннан аслам адам), мектеп, колледжлер, лицейлердиң оқыўшылары ҳәм университетлердиң студентлери ушын – 40 процентлик шегирмелер бериледи.

Шаңарақлық шегирмелер (еки ямаса оннан аслам адам – ерли-зайып, ерли-зайып ҳәм 18 жасқа толмаған перзентлери, әкеси ямаса 18 жасқа толмаған баласы бар ана), сондай-ақ, пенсионерлер ҳәм майыплығы болған шахслар, 1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилгенлер, Фронт артындағы пидәкерлик мийнети ушын орден ҳәм медальлар менен сыйлықланғанлар ушын шегирмелер 50 процентлик болады.

Чернобль АЭС апатшылығы ақыбетлерин сапластырыўға қатнасқанлар ушын да 50 процентлик шегирмелер бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.