Соңғы жыллары республикамызда халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, соның иишинде, сапалы пал өнимлерин ислеп шығарыўдың көлемин көбейтиў бойынша бир қатар илажлар қабыл етилди. Олардың  орынланыўы нәтийжели тәмийинленбекте.

Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде 2016-жылға келип республикамызда пал ҳәррешилик саласында 12 мыңнан аслам исбилермен жумыс алып бармақта. Пал ҳәррешилик хожалықларын  қаржылай қоллап- қуўатлаў мақсетинде Акционерлик-коммерциялық «Алоқабанк» (кейинги орынларда АК «Алоқабанк» деп аталады) тәрепинен 30 миллиард сумнан аслам кредитлер ажыратылды. Халықтың пал өнимлерине болған талабын тәмийинлеў мақсетинде 2016-жылы 12 мың тонна пал жетистирилди. Бул 2015-жылға салыстырғанда 1,2 есеге көп.

Соның менен бирге, талқылаўлар соны көрсетпекте, пал ислеп шығарыў бойынша бар имканиятлардан нәтийжесиз пайдаланыў пал ҳәррешилик тармағының ең әззи буўыны болып табылады. Нәтийжеде пал ҳәрре шаңарақларының өнимдарлығы 20 килограммнан аспайды, бул дүньядағы орташа көрсеткишлерден де төмен болып табылады. Пал ҳәррешилик саласындағы алдынғы тәжирийбелерди үйрениў, пал жетистириўдиң заманагөй технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм жоқары технологиялық усыллардан пайдаланыў мәселелерине жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атыр.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың быйылғы жылдың 22-23-июнь күнлери Ферғана ўәлаятына сапар етиўи ўақтында пал ҳәррешиликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм халықты арзан пал өнимлери менен тәмийинлеўдеги кемшиликлер, машқалалар ҳәм бар имканиятлар кеңнен додаланған еди.

Пал ҳәррешилик тармағындағы усы машқалаларды шешиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Республикамызда пал ҳәррешилик тармағын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарарға муўапық «Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясы шөлкемлестирилди.

«Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясының тийкарғы ўазыйпалары етип пал өнимлерин ислеп шығарыўдың технологиялық процесин системалы шөлкемлестириў, пал ҳәрреси пакетлерин жетистириў ҳәм азықлық базасын беккемлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, сондай-ақ, пал жетистириў процесине илимий тийкарланған усылларды ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў белгилеп қойылды.

Ассоциация системасына орынларда пал ҳәррешилик тармағы шөлкемлериниң жумысларын муўапықластырыў бойынша 13 турақлы ўәкил киргизилди.

Усы қарар менен «Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясының «Апимондия» халықаралық пал ҳәррешилик ассоциациялары федерациясына ағза болыўы нәзерде тутылған.

Ассоциацияны шөлкемлестириў ҳәм оның жумысына байланыслы барлық қәрежетлер ҳәм Ассоциацияның «Апимондия» халықаралық пал ҳәррешилик ассоциациялары федерациясына ағза болып кириў, ағзалық төлеми дәслепки үш жыл даўамында АК «Алоқабанк» қаржылары есабынан әмелге асырылады.

Сондай-ақ, қарар менен пал ҳәррешилик саласында жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаў мақсетинде 2018/2019 оқыў жылынан баслап Ферғана мәмлекетлик университетинде зоотехника факультетин шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизиў тапсырылған.

АК «Алоқабанк» жанында жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде лизинг компаниясы шөлкемлестириледи, оған коммерциялық банклердиң кредитлери ҳәм  лизинг компаниясының өз қаржылары есабынан пал ҳәрреси уяларын, олар ушын зәрүр үскенелерди, әнжамларды ҳәм пал ҳәррешилик саласында қолланылатуғын инвентарьларды, арнаўлы транспорт қураллары менен тиркемелерди, палды қадақлаў технологиялық линияларын ҳәм басқа да лизинг объектлерин лизинг тийкарында жеткерип бериў ўазыйпасы жүкленген.

Пал ҳәррешилик хожалықлары тәрепинен пал жыйнаў мәўсими даўамында тоғай фонды жерлеринен, қорғалатуғын тәбийғый аймақлардан (мәмлекетлик қорықханалар, биосфера резерватының қорғалатуғын зонасынан тысқары), таў ҳәм таў алды аймақларынан, тәбийғый пишенликлер менен жайлаўлардан және аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў бийпул әмелге асырылады.

Белгиленген тәртипте тастыйықланған дизим бойынша «Өзбекистан пал ҳәррешилери» ассоциациясына ағза шөлкемлер тәрепинен алып келинетуғын нәсилли материаллар (өним), пал ҳәррешилик саласында қолланылатуғын инвентарлар менен үскенелер, пал ҳәрреси уяларын тасыйтуғын арнаўлы транспорт қураллары ҳәм тиркемелер, пал ҳәрресиниң кеселликлери менен зыянкеслерге қарсы қолланылатуғын ветеринариялық дәри қураллары менен препаратлар, пал ҳәрреси уяларын ислеп шығарыў ушын ағаш ҳәм зәрүр материаллар, мумперде ҳәм мум өнимлерин 2023-жылдың 1-январына шекем бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етиў бойынша жеңиллик берилди.

Усы қарар менен пал жетистириў ҳәм оны қайта ислеў көлемлерин көбейтиўге, пал ҳәрре пакетлери менен хожалықларды тәмийинлеўге, пал жетистириўдиң заманагөй усылларын енгизиўге бағдарланған 2017-2021-жылларда пал ҳәррешилик тармағын комплексли раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланды.

Усы қарарға муўапық пал өнимлерин ислеп шығарыў көлемин 2017-жылдағы 15,4 мың тоннадан 2021-жылға барып 23,7 мың тоннаға шекем жеткериў нәзерде тутылған.

Қарарда нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўы пал ҳәррешиликтиң барлық саласын қамтып алған ҳалда, оның жедел раўажланыўын тәмийинлейтуғын бирден-бир басқарыў системасын шөлкемлестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, пал жетистириўдиң көлемлерин кескин көбейтиў, республика халқының пал өнимлерине болған талабын тәмийинлеў ҳәм саланың экспорт потенциалын арттырыў имканиятын береди.