28-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Қубла Арал бойы биологиялық ҳәр түрлилигин сақлаў, қайта тиклеў ҳәм қорғаўдың экологиялық мәселелери» атамасындағы илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияны институт ректоры Б.Отемуратов ашып берди ҳәм басқарып барды.

Конференцияда Россия Илимлер Академиясының профессоры ҳәм хабаршы-ағзасы, география илимлериниң докторы, П.П.Ширшов атындағы Океанология институты директорының орынбасары П.Завьялов «Гидрологические характеристики оставшейся водной массы Аральского моря и их изменения за последние 20 лет», Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасы профессоры, аўыл хожалығы илимлериниң докторы М.Ибрагимов «Орол денгизи қуриган тубида чўл ўсимликларини экиб кўпайтириш ва янгидан яйловлар пайдо этиш истиқболлари», институттың зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы кафедрасының доценти, биология илимлериниң кандидаты Ж.Сапарбаев «Биологиялық ҳәр түрлиликти эволюциялық теория тийкарында үйрениў мәселелери» атамасында баянатлар жасады.

Конференция секцияларда өз жумысын даўам еттирди.

Илаж 29-ноябрьге шекем даўам етеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.