Россия Федерациясының Чеченстан Республикасы басшысы Рамзан Қодиров 16-октябрь күни әмелий сапар менен елимизге келди.

Рамзан Қодиров Ҳәзирети Имам (Ҳастимом) комплексине барды. Мийманға комплекс қурамындағы Қаффол Шоший медресеси, Бароқхан ҳәм Мўйи Мүбәрек медреселери, Тилла Шайх ҳәм Намозгоҳ мешитлери сыяқлы тарийхый орынлар, Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың басламасы менен аймақта әмелге асырылған кең көлемли дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Чеченстан басшысы Мўйи Мүбәрек медресесинде сақланып атырған Усман Мусҳафиди көрди.

Мийман Орта Азия ҳәм Қазақстан мусылманлары мәкемеси баслығы болып ислеген, белгили исламтаныўшы илимпаз Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуфтың қәбирин зыярат етти.

Делегация ағзалары «Artel Engeneеring» жуўапкершилиги шекленген жәмийети өнимлериниң көргизбесин көзден өткерди. «Gold Dried Fruits Export» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң өндирислик потенциалы менен танысты.

Сондай-ақ, мийманлар пайтахтымыздың дыққатқа ылайық орынларын зыярат етти.

М.ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы