Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-ноябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бурынғы Бас хаткери, бүгинги күнде Жасыл раўажланыў глобаллық институты ассамблеясы ҳәм Халықаралық олимпиада комитетиниң Этика бойынша комиссиясына басшылық етип атырған Пан Ги Мунды қабыл етти.

 Пан Ги Мун Нөкисте болып өткен Аралбойы аймағында экологиялық жағдайды жақсылаў мәселелери және бул процессте корейс диаспорасының ролине бағышланған халықаралық конференцияда қатнасыў ушын елимизге келди.

8a2f1077-61a1-3c73-91c9-06e3b813d3f1.jpg

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүрекетен қутлықлап, оның тынышлықты ҳәм турақлылықты беккемлеў, соның ишинде, заманагөй глобаллық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде дүнья жәмийетшилигиниң ис-ҳәрекетлерин бирлестириў арқалы мың жыллық раўажланыў мақсетлерине ерисиўдеги үлкен хызметлерин айрықша атап өтти.

Пан Ги Мунның халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын Арал машқаласының унамсыз ақыбетлерин сапластырыў мәселелерине қаратыўға қосқан жеке үлеси жоқары баҳаланды.

БМШтың Бас хаткери лаўазымында ол Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң Аралбойындағы эколгиялық жағдайды жақсылаў бағдарындағы басламалары менен усынысларын белсене қоллап-қуўатлады.

Ушырасыўда Арал теңизи регионында әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыўда халықаралық институтлар ҳәм шөлкемлер менен бирге ислесиўди раўажландырыўдың перспективалары көрип шығылды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы менен Корея Республикасы арасында көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеў бойынша да пикир алысылды. Өзбекстанда жасап атырған көп санлы корейс диаспорасының халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге үлес қосып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Пан Ги Мун мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанда БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине толық сәйкес болған 2021-жылға шекемги Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм жаңаланыўларды жоқары баҳалады.

Өзбекстанның Аралбойында социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, экологиялық машқалаларды сапластырыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў системасын раўажландырыў, инфраструктураны жетилистириўге хызмет етип атырған 2018-2021-жылларда Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде әмелге асырып атырған ис-ҳәрекетлери айрықша атап өтилди.

7a366d2c-607a-9212-d921-f1982693650f.jpg

Мәмлекетимиз басшысының инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарындағы траст қорын ҳәм Аралбойы халықарлық инновация орайын шөлкемлестириўге байланыслы усыныслары толық қоллап-қуўатланды.

Пан Ги Мун буннан былай да Өзбекстан Республикасы менен Корея Республикасы арасында стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўге белсене көмеклесиўге, Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыўда нәтийжели бирге ислесиўге таяр екенин атап өтти.

ӨзА