Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде «Мийнет тараўындағы зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер» темасында дөгерек сәўбети болып өтти. Оған кәсиплик аўқамларының белсендилери, жумыс бериўши министрликлер, басқармалар ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери қатнасты.

Дөгерек сәўбетин Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменов алып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң орынбасары Ө.Қазақбаев, Қаржы министрлигиниң бөлим баслығы С.Есжанов, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, быйылғы «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап қуўатлаў жылы» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша әмелге асырылған жумысларға кеңнен тоқтап өтип, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мийнет қатнасықларын еле де жетилистириў, бюджетлик кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердеги мийнет ҳақы, социаллық қорғаў жумысларын қаржыландырыў мәселелери туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Дөгерек сәўбетинде жәмәәтлик шәртнамалар, ҳәзирги күнде мийнет тараўында көпшиликти толғандырып жүрген машқалалар, мийнет шәртнамасы, мийнет дәптершелери, мәҳәллелердеги кем тәмийинленген шаңарақларды социаллық-экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, фермер хожалықларында жумыс пенен бәнт болған ислеўшилердиң ең кем санының нормасы, бәнтлик мәселелери, хызметкерлерди тийкарғы жумысынан басқа жумысларға тартыў жағдайлары бойынша ушырасып атырған машқалалар додаланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасы арасында дүзилген Бас келисим ҳәм онда усыныс етилген 2017-2019-жыллар ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси арасында аймақлық келисим қабыл етилди. Бул ҳүжжет өз гезегинде тараўлық келисимлер ҳәм орынлардағы жәмәәтлик шәртнамалардың мазмунын байытыў, мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин еле де нәтийжелирек қорғаў мүмкиншилигин жаратпақта.

Кәсиплик аўқамы ағзаларының бийпул мийнет етиў ҳуқықын қорғаў, жумыс бериўшилер тәрепинен мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў, ҳәрекеттеги нызамшылықты тәмийинлеўде бирлеспе Кеңеси тәрепинен пуқаралардан келген 249 жазба мүрәжатлар, 25 электрон мүрәжатлар  үйренип шығылып, 98 мүрәжат қанаатландырылды.

Жәми 63 пуқараның ҳуқықлары тикленип, 103 миллион 717 мың 364 сум муғдарында мийнет ҳақысы ҳәм соған теңлестирилген төлемлери өндирип берилди.

Дөгерек сәўбетинде мийнет тараўындағы машқалалар менен бирге турмыста әпиўайы пуқараларды ойландырып жүрген бир қатар машқалалардың унамлы шешилгени, ал айырымларының үстинде тийисли министрликлер менен шөлкемлер бирликте жумыс алып барыўы керек екени атап өтилип, орынларда усы мазмундағы ушырасыўларды өткериў усыныс етилди.

Қатнасыўшылар өз пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.