Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында 27-ноябрь күни Чехия Республикасы Парлементи Депутатлар палатасы баслығының орынбасары Филип Войтех басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы  парламетлераралық бирге ислесиўге байланыслы мәселелер додаланды.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Сарвар Отамуратов мийманларға елимизде турақлы раўажланыў және халықтың мәплерин тәмийинлеў жолында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, усы процесслерде нызам дөретиўшилигиниң әҳмийети, Нызамшылық палатасының жумысы ҳаққында айтып берди.

Өзбекстан менен Чехия арасында дипломатиялық байланыслар 1993-жылы орнатылған. Бул еки мәмлекет арасында ҳәр қыйлы тараўлардағы бирге ислесиў қатнасықларын раўажландырыў имканиятын бермекте.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанның жақын қоңсы ҳәм Европадағы бирге ислесиўши мәмлекетлер менен дослық, өз-ара исеним ҳәм пайдалы шериклик принциплерине тийкарланған байланыслары барған сайын беккемленип атырғаны айрықша атап өтилди. Бул, өз гезегинде, нызам дөретиўшилиги, парламентлераралық дослық топарларының жумысын әмелий мазмун менен байытыўға тийкар жаратпақта.

Филип Войтех елимизде турақлы раўажланыў жолында алып барылып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясат, кең көлемли реформалар өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырғаны бойынша пикир билдирди. Парламентаризм тараўындағы бирге ислесиў байланысларын буннан былай да раўажландырыў еки тәреп ушын да бирдей пайдалы екенин атап өтти. Бунда жумыс алып барып атырған «Чехия – Қубла Кавказ ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери» дослық топарының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти.

Сөйлесиўде, сондай-ақ, Өзбекстан менен Чехия арасында саўда-экономикалық, сиясий, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы пайдалы шерикликти қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.

Ушырасыўда еки мәмлекеттиң нызам шығарыўшы уйымлары арасында қадағалаў-таллаў жумысы бойынша тәжирийбе алмасыўға, бул бағдарда перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды.

Усы күни Чехия делегациясы ағзалары елимиздеги бир қатар уйымларда ҳәм министрликлерде де болып, бирге ислесиўге байланыслы сөйлесиўлерге қатнасты.

Зуҳра МИРЗАБАЕВА,

ӨзА ның хабаршысы