7-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекистан Республикасы Интернационаллық мәденият орайының 25 жыллығына арналып «Өзбекистан-улыўма үйимиз!» сүрени астында дослық ҳәм мәденият фестивалы болып өтти.

Фестиваль шеңберинде «Журт тынышлығы, Ўатанның раўажланыўы – жоқары инәм» атамасындағы илимий-әмелий семинар шөлкемлестирилди.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара дослықта тыныш-татыў жасап атыр. Соның менен бирге республикамызда орыс, қазақ, украин, корейс, түркмен миллий-мәденият орайлары жумыс жүргизбекте.

Усы орайлар тәрепинен кең көлемдеги илажлар, кешелер, фестиваллар, таңлаўлар өткерилип, оларда миллетлер арасындағы татыўлықты беккемлеўге, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылып атыр.

Түрли миллет ҳәм халықларға тийисли пуқаралардың өз ана тилиниң, миллий дәстүрлери менен, үрп-әдетлериниң тиклениўи, мәдениятының раўажланыўы, миллетлераралық қатнасықларды ҳәм татыўлықты беккемлеўге қаратылған «Өзбекистан-улыўма үйимиз!» дослық ҳәм мәденият фестивалы да усындай уллы мақсетлерге хызмет етеди.

Фестиваль қатнасыўшыларына республика көркем-өнер шеберлери менен жас талантлылардың ҳәр қыйлы миллий-мәденият орайлар жанындағы ансамбллердиң, көркем ҳәўескерлер жәмәәтлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди. Сондай-ақ, театр фойесинде фестиваль қатнасыўшыларына миллий-мәденият орайлар тәрепинен таярланған өнерментшилик, тоқымашылық дөретпелериниң  көргизбелери усынылды.

Дослық фестивалына Өзбекистан Республикасы Интернационаллық мәденият орайы баслығының орынбасары М.Нурматова қатнасты.

Республикамыздағы бир қатар жоқары оқыў орынларында ҳәм Әмиўдәрья, Елликқала, Қоңырат ҳәм Шоманай районларында «Инсан мәплери – уллы қәдирият» атамасында көргизбелер, «Бул муқаддес Ўатанда әзиздур инсан», «Миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик – турақлылықтың тийкары» атамаларындағы дөгерек сәўбетлери, ушырасыўлар өткерилип, оларға Өзбекистан Миллий Университети, Өзбекистан Жазыўшылар Аўқамы, Өзбекистан қазақ миллий-мәденият орайы ҳәм басқа да шөлкемлер менен жоқары оқыў орынларынан мийманлар мирәт етилди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги