Усы жыл 27-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде «Аралбойы регионында экологиялық жағдайды жақсылаў мәселелери ҳәм усы процессте корейс диаспорасының әҳмийети» атамасында халықаралық форум болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты, Өзбекстан корейс мәдений орайлары ассоциациясының баслығы Виктор Пак, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бурынғы Бас хаткери Пан Ги Мун, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Атажан Ҳамраев, Кореяның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Квон Ён У сөзге шығып, өткерилип атырған халықаралық форумның әҳмийети, Арал теңизиниң қурып кетиўи менен жүзеге келген экологиялық машқалаларды сапластырыў бойынша Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Ҳақыйқатында да, соңғы жылары Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң тиккелей басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар нәтийжесинде Аралбойы халқының турмыс дәрежеси сезилерли дәрежеде жақсыланды. Бул бағдарда 2018-2021-жылларда Аралбойы регионын раўажландырыў Мәмлекетлик бағдарламасының қабыл етилиўи аймақта жүзеге келген машқалаларды басқышпа-басқыш шешиў имканиятын бермекте. Бүгинги күни экологиялық апатшылық орайы болған Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, аймақ турғынларын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, халықтың турмыс шараятларын буннан былай да жақсылаў бойынша бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.

Елимиз ғәрезсизликке ерискен дәслепки жыллардан баслап Қубла Корея менен ҳәр тәреплеме байланысларымыз жақсы раўажланып бармақта. Әсиресе, бүгинги күни  пүткил дүнья жүзи жәмийетшилигиниң машқаласына айланған Арал апатшылығын сапластырыў, аймақта жасаўшы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, саламатлығын қорғаў бағдарында көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта. Быйылғы жылдың өткен 9 айы даўамында Қубла Корея менен республикамыз арасындағы товар айланысы 34,3 миллион, соның ишинде экспорт 6,2 миллион, импорт 28,1 миллион АҚШ долларын қурады. Республикамыздың экономикасына тиккелей 36 миллион АҚШ долларынан зыят муғдардағы корейс компанияларының исвестициялары киргизилди. Корея инвесторларының қатнасында республикамыздың аймағында бир қатар қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Өзбекстан корейс мәдений орайлары ассоциациясының басламасы менен өткерилип атырған халықаралық форумға Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бурынғы Бас хаткери Пан Ги Мунның басшылығындағы Қубла Корея ҳүкимети ҳәм социаллық тараў ўәкиллеринен ибарат делегацияның қатнасыўы Арал регионының экологиялық жағдайын жақсылаўға, жүзеге келген машқалаларды жумсартыў барысындағы жумыслардың көлемин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыўға, аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға хызмет етеди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери лаўазымында ислеп жүрген пайытында Пан Ги Мун Мойнақ районына келди. Аймақ турғынларының жасаў шараятлары менен танысты ҳәм адамлар менен сәўбетлести. Арал теңизиниң қурып кетиўи менен байланыслы машқалаларды «Дүньядағы ең аўыр экологиялық мүсийбет» деп жәриялап, жәҳән жәмийетшилигиниң, халықаралық шөлкемлердиң итибарын усы машқаланың шешимине қаратты.

Халықаралық форум шеңберинде бир қатар қайырқомлық акциялары да өткерилди. Атап айтқанда, Қубла Кореяда билим алып атырған жасларымыз делегация ағзалары менен биргеликте Мойнақ районында болып, мектеп оқыўшыларына оқыў қураллары, жәрдемге мүтәж шаңарақларға дәри-дәрмақлар тарқатылып, халыққа медициналық жәрдем көрсетилди.

– Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде, Арал апатшылығы сәўлелендирилген картаны көрсеткен ҳалда, теңиздиң қурыўына байланыслы ақыбетлерин сапластырыўға халықаралық көлемдеги ис-ҳәрекетлерди бирлестириўге шақырды,-дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты, Өзбекстан корейс мәдений орайлары ассоциациясының баслығы Виктор Пак.-Бул бағдарда ассоциациямыз жанындағы «Экология» секциясы илимпазлары тәрепинен бир қатар жумыслар алып барылмақта. Мақсетимиз, жүзеге келген экологиялық апатшылықты сапластырыўға бәршени жәмлестириў, оған корейс диаспорасының белсене қатнасыўын тәмийинлеўден ибарат.

Усы күни Нөкис қаласындағы «Туран» стадионында республикамыз жоқары оқыў орынлары студентлери менен Қубла Кореяның «Chung-Ahg University High School Soccer Team» жаслар командасы арасында футбол бойынша жолдаслық ушырасыўы болып өтти.

Илаж қатнасыўшыларына республикамыз ҳәм Қубла Корея көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы