Усы жыл 27-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов,   Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ишки ислер уйымларының хызметкерлерин хызмет имаратлары ҳәм автомашиналары, заманагөй техникалар, байланыс қураллары, турақ жайлар менен тәмийинлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.  Усындай итибардың нәтийжесинде республикамыз бойынша жынаятшылықтың саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда әдеўир кемейиўине ерисилди. Бунда елимиз бойынша ҳәр ҳәптеде өткерилип киятырған «Сәршемби-өртлер профилактикасы күни», «Пийшемби-ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни», «Жума-жол ҳәрекети қәўипсизлигин үгит-нәсиятлаў күни» илажлары жәмийетлик тәртипти беккемлеўде, жынаятшылықтың алдын алыўда унамлы нәтийжесин бермекте.

Бул бағдарда Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасының хызметкерлери тәрепинен де бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта. Бүгинги күнге республикамыз бойынша 1 миллион 221  мың 957 пуқараға биометриялық паспорт тапсырылды.

Жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы пуқаралар ушын бир қанша қолайлықлар жаратады. Себеби, Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасының, Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасының Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлиминиң, министрликтиң Мәкан жай-мағлыўмат орайының бир имаратта жайласыўы бул жерге келиўшилердиң ўақытларын үнемлеп, жумыслардың бир жерден питиўине жәрдем береди. «Арнаўлы қурылыс-5» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен имаратта 435 миллион сумлық капитал оңлаў жумыслары алып барылды.

Илаж қатнасыўшылары жаңа имаратта хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен танысты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы