Жақында Қараөзек районлық халық билимлендириў бөлимине қарасылы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Китапқумарлыққа шақырамыз» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.

Илажда жаңа китаплар көргизбеси қойылып, оған  райондағы аўыл хожалығы‚ экономика ҳәм турмыс хызмети кәсип-өнер колледжлери, халық билимлендириў бөлими жанындағы мәлимлеме-ресурс орайлары, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қараөзек районлық Кеңеси, Өзбекстан жаслар аўқамы районлық кеңеси жанында дүзилген китапханалар жаңа китаплары менен қатнасты.

Көргизбениң ашылыўына қатнасқан районлық халық билимлендириў бөлими‚ «Мийнет байрағы» газетасы‚ кәсип-өнер колледжлериниң ўәкиллери‚ билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери‚ мектеп оқыўшылары, ата-аналар жаңа китаплар  менен танысты.

Илаж даўамында райондағы мәлимлеме-ресурс орайлары ҳәм ондағы жаратылған шараятлар ҳаққында, сондай-ақ, китап оқыўды кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша усыныслар тыңланып, қәнигелер тәрепинен пикирлер билдирилди.

Сондай-ақ, мектеп оқыўшылары арасында китапқумарлық бойынша таңлаў өткерилип, жеңимпазлар анықланды. Жеңимпазлар Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы районлық кеңеси тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги