Усы жыл 16-23-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында 6-20 жастағылар арасында спорттың шахмат түри бойынша Батыс Азия чемпионаты өткерилди.

Чемпионат Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети ҳәм шахмат федерациясы тәрепинен өткерилип, оған республикамыз шахматшылары менен бирге Бирлескен Араб Әмирлиги, Ҳиндстан, Бангладеш, Қазақстан, Иран, Түркменстан, Тәжикстан, Шри-Ланка, Аўғанстан ҳәм Қырғызстаннан жәми, 11 мәмлекеттиң 300 шахматшысы қатнасты.

Шахматшылар жарыстың дәслепки күнинде рапид бағдарында күш сынасты.

Чемпиоантқа Қарақалпақстан Республикасының Тақыятас районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Махым Оразмуҳаммедова 18 жастағылар арасында рапид жөнелиси бойынша қатнасып, екинши орынды ийеледи.

Солай етип, өзбекстанлы спортшылар усы бағдар бойынша 11 алтын,  8 гүмис, 10 қола медалын қолға киргизди.

25-ноябрь күни Нөкис темир жол вокзалында спортшыны салтанатлы күтип алыў мәресими өткерилди.

Еслетип өтемиз, М.Оразмуҳаммедова бир неше мәрте Өзбекстан чемпионы, ҳаял-қызлар арасында биринши мәрте Қарақалпақстан чемпионы. Өткен жылы Азия чемпионатының гүмис медаль ийеси. Бүгинги күнде Тақыятас Экономика ҳәм социал-педагогика колледжиниң 3-басқыш оқыўшысы.

Спортшыны жарысқа тренери, әкеси Абдикарим Тураев таярлады.

  

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(Мақаланың сүўретлери Қ.Кеңесбаев тәрепинен түсирилген)