8-декабрь-Өзбекстан Республикасы Конституциясы күнине бағышланып усы жыл 29-30-ноябрь күнлери Нөкис турмыс хызметин көрсетиў ҳәм экономика кәсип-өнер колледжинде спорттың бадминтон түри бойынша 2001-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы кубоги өткериледи.

Халықаралық бадминтон федерациясының қағыйдаларына муўапық алып барылатуғын бул жарыс жеке жуплық, аралас жуплық басқышта олимпиада усылында өткериледи.

Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом менен сыйлықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги