Мектеп ҳәм шаңарақ арасында беккем бирге ислесиўди орнатыў, оқыўшылар ҳәм ата-аналар менен нәтийжели ислесиў, психолог ҳәм педагоглардың профессионаллық-психологиялық билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға қаратылған «Беккем шаңарақ» тренинг бағдарламасы шеңберинде «Бахытлы мектеплер» жойбарын әмелге асырыў жумыслары республикамызда да  избе-из даўам еттирилмекте.

Президентимиздиң 2018-жыл 14-августтағы «Жасларды руўхый – әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық жақтан бәркамал етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған бул «Беккем шаңарақ» бағдарламасы биринши мәрте АҚШ ҳәм Уллы Британияда енгизилген. Соң басқа көплеген раўажланған мәмлекетлерде бул жойбар қолланылған. Буны ислеп шығыў процесинде ҳәр бир мәмлекет өзиниң миллий дәстүрлери ҳәм менталитенине сай болған тәреплерине итибар қаратады. Өзбекстан да өз позициясы ҳәм әўладлар мүнәсибетинен келип шығып жойбарды турмысқа енгизбекте. Жети бөлимнен ибарат бағдарламадан гөзленген тийкарғы мақсет – жаслар арасында нәшебентликтиң, ишиўшиликтиң, темеки ҳәм алкогольды пайдаланыўдың алдын алыў, ата-ана ҳәм перзент арасындағы қатнасықлардың беккемлениўине ерисиўден ибарат.

Өзбекстан көлеминде халықаралық экспертлер тәрепинен тренерлер топары таярланып, олар бүгинги күнде таяныш мектеп сыпатында шөлкемлестирилген мектеплерде ата-аналар ҳәм оқыўшылар ушын 7 ҳәптелик тренинг сессияларын шөлкемлестирмекте. Тренерлер топары қурамындағы 14 мектептиң 56 педагогы усы жыл 5-7-ноябрь аралығында Ташкент қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң наркотик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша Орайлық Азиядағы ўәкилликли уйым менен биргеликте өткерилген республикалық оқыў семинарларына қатнасып келгеннен соң 15-ноябрьден баслап жумыс алып бармақта. Ҳәр қыйлы видеоматериаллар, ойынлар арқалы жас әўлад ҳәм ата-аналардың қатнасықларында тең салмақлылыққа ерисиў тийкарғы мақсет болып табылады. Онда психологлар, педагоглар, мәҳәлле белсендилери, билимлендириў бойынша қәнигелер де қатнаспақта.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласындағы 36-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде әмелге асырылып атырған «Беккем шаңарақ» бағдарламасы шеңберинде быйылғы жылдың ақырына шекем бул мектеп те үлгили «Happy schools» («Бахытлы мектеп») болып шөлкемлестириледи. Мектеп директорының Руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары З.Турсынова, психолог М.Өмирзақова, Жаслар аўқамы жетекшиси Б.Искаков, денетәрбиясы оқытыўшысы М.Халмуратовалар ҳәр ҳәптеде 10 сәтли ҳәм сәтсиз (машқалалы) шаңарақларды қамтып алған ҳалда «Перзентлерге меҳир ҳәм шеклеўлерди қолланыў», «Ата-аналар тәрепинен қолланылатуғын жаза түрлери» сыяқлы темалар бойынша интерактив түрде тренинг сессияларын өткерип, тәрбиясы қыйын оқыўшыларды тәртипке салыўда ата-ана менен мектеп бирге ислесиўи жолға қойылмақта. Сондай-ақ, бағдарламаға бола, тренерлер ҳәр шемби күни өзиниң мектебинде жас педагог-оқытыўшылар ушын төрт бағдарда семинар өтип, сабақ бериў, ата-аналар менен ислесиў бағдарында билим ҳәм көнликпелерин арттырады.

Бүгинги глобалласыў дәўири сақлықты талап етпекте. Бундай мектеплер зорлық, жынаятшылық, зыянлы әдетлерден тыс беккем шаңарақ пенен мектептиң бирге ислесиўине тийкарланған қәўипсиз мектеплер болыўы күтилмекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.