Өзбекстанда 2018-жылғы пахта мәўсими даўамында 200 ден аслам ҳәр қыйлы дәрежедеги мәмлекетлик лаўазымлы шахсларға интизамлық шаралар қолланылған. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Шерзод Кудбиев Халықаралық мийнет шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген илажда бул ҳаққында мағлыўмат берди, деп жазады Kun.uz.

Министр нызам бузыўшылыққа жол қойған лаўазымлы шахсларға салынатуғын жәрийма муғдарын кескин көбейтиў бойынша ҳүжжет жойбары ислеп шығылып атырғаны ҳаққында да айтып өтти.

2018-жылда ҳүкиметлик исеним телефонлары арқалы 2 500 ден аслам мүрәжатлар келип түскен. Көп жағдайларда мийнет ҳуқықларының бузылыўында айыплы деп табылған лаўазымлы шахслар, ҳәкимлер ҳәм мәмлекетлик шөлкемлер басшыларына интизамлық ҳәм ҳәкимшилик шаралар көрилди. Бундай шаралар жумыстан босатыў, сөгис ҳәм жәриймалардан ибарат болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги