Сингапурдың Universal Success Enterprises компаниясы Ташкент ўәлаятында «Ақыллы қала» қурыў ҳәм оның оның 2,5 миллиард доллар муғдарында инвестицияларды киргизиўди жобаластырмақта. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Ташкентте 19-21-ноябрь күнлери болып өткен туризм тараўындағы биринши халықаралық инвестициялық форум шеңберинде «Ақыллы қала» қурылысын нәзерде тутыўшы мемарандумға қол қойылды. Өзбекстан тәрептен ҳүжжетке Мәмлекетлик инвестициялық комитет қол қойды.

Компания 2021-жылдың ақырына шекем жойбарды әмелге асырыўды жобаластырған.

Universal Success Enterprises ақыллы ҳәм санаат қалаларын қурыўда үлкен тәжирийбеге ийе. Атап айтқанда, компания тәрепинен Ҳиндстанда 152 гектарлық майданда Kolkata West International City қалашасы ҳәм 400 гектарлық майданда Dholera Special Investment Region жойбары әмелге асырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги