Өзбекстан аймағына Түркменстаннан ығал ҳаўа массалары кирип келеди, деп хабар берди Айрықша жағдайлар министрлиги баспасөз хызмети.

Республика бойынша айрым жерлерде жаўын жаўады: таўлы аймақларда жаўын-шашын болады, 27-ноябрьде айрым жерлерде жаўын-шашын муғдары күшейиўи де мүмкин. Ҳаўаның температурасы бираз төменлейди ҳәм 27-ноябрьде 2-7 градус жыллы болады.

28-ноябрьде республика бойынша жаўын-шашын күтилмейди. 29-30-ноябрьде жыллы ҳәм қурғақ ҳаўа болыўы күтиледи. Температура күндизги ўақытлары 13-15 градус жыллы болыўы мүмкин.

Қыс мәўсиминиң биринши айы ҳақыйқый қыс ҳаўа райы менен басланады. 1-декабрьде республика аймақларының көпшилик бөлегинде жаўын-шашын болыўы (жаўын қарға айланыўы мүмкин) күтилмекте. 2-декабрьде қурғақ ҳәм суўық ҳаўа райы ҳүким сүреди. Температура 7-9 градусқа шекем төменлейди. 2-декабрь күни түнги ўақытлары 2-7 градус суўық, күндизги ўақытлары 3-8 градус жыллы болыўы күтиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.