Орайлық банк алтын ҳәм гүмистен таярланған естелик тийинларын айланысқа шығарыў бойынша тәжирийбе жойбарын әмелге асырмақта.

Сатыўға шығарылған естелик тийинлардың баҳасы 27-ноябрь күни жәрияланады ҳәм сатыў басланатуғын күн – 28-ноябрьден баслап күшке киреди.

Алдағы ўақытлары Орайлық банк естелик тийинларының сатыў баҳасын ҳәр ҳәптеде кеминде бир мәрте белгилейди.

Сатып алыў ўақтында шахсты тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер талап етилмейди. Оларды резидентлер ҳәм резидент емеслер де сатып алыўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги