Усы жылы 25-ноябрь күни АҚШтың Атлантик-Сити қаласындағы «Hard Rock Hotel & Casino» аренасында болып өткен профессионал бокс ушырасыўында өзбекстанлы үш боксшы әжайып жеңиске еристи.

Муратжан Ахмедалиев профессионал бокстағы бесинши ушырасыўында америкалы Исак Зарате менен рингке шығып, 9-раундта қарсыласын нокаутқа ушыратты. Солай етип, боксшы өзиниң WБА интерконтинантал белбеўин мүнәсип қорғады.

Азия ойынларының чемпионы Исроил Мадреймов профессионал бокстағы дебютин өткерди. Мексикалы Владимир Эрнандес пенен болған 10 раундлық ушырасыўдың 6-раундында жеңиске еристи. Исроил WБА интерконтинантал белбеўин  қолға киргизди.

Шахрам Ғиёсов болса мексикалы Мигел Замудио менен болған профессионал бокстағы алтыншы ушырасыўында қарсыласын биринши раундта-ақ нокаутқа ушыратты. Боксшымыздың тәжирийбели қарсыласы бүгинги күнге шекем 54 ушырасыў өткерип, соннан 41 инде жеңиске ерискен. Жеңилислериниң саны 12 ге жетти.

Солай етип, үш боксшымыз да ушырасыўда мүддетинен бурын жеңиске ерисип, елимизде спорттың усы түриниң жедел раўажланып баратырғанын және бир мәрте дәлийлледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.