ЮНИСЕФ ўәкилханасы баслығының орынбасары, мырза Афшин Парси басшылығындағы делегация Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасына келип, Нөкис қалалық Ишки ислер бөлиминде шөлкемлестирилген арнаўлы тергеў бөлмеси менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-апрельдеги «Ишки ислер уйымларының жынаятты тергеў етиў тараўындағы жумысларын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, усы жылдың август айында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасында сораў процесин стенографиялық усылда жазып алыў, видеобақлаў, сондай-ақ, аудио және видео жазып алыў системасы менен үскенеленген арнаўлы комплекс шөлкемлестирилген еди.

Бул жойбар Тергеў департаменти ҳәм ЮНИСЕФтиң елимиздеги ўәкилханасы менен биргеликте әмелге асырылды.

Бул комплекс үш бөлмеден ибарат болып, оператор бөлмеси, гүманланыўшы ямаса айыпланыўшы менен сораў-жуўап өткерилетуғын бөлме ҳәм жынаяттан жәбирленген ямаса оған гүўа болған ержетпегенлер ушын арналған бөлмеден турады.

Делегация ағзалары комплексте жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар менен танысар екен, тергеў бөлмесинен прокуратура уйымларының да пайдаланып атырғанын жоқары баҳалады.

Ушырасыўда усы жылдың 15-декабрь күни Беруний районында да усындай тергеў бөлмеси пайдаланыўға тапсырылатуғынлығы атап өтилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.