23-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Россия педагогикалық мәмлекетлик университети педагогика ҳәм психология факультети психологияны оқытыў кафедрасының баслығы, педагогика илимлериниң докторы, профессор Л.С.Подымова ҳәм усы кафедраның үлкен оқытыўшысы, педагогика илимлериниң кандидаты М.С.Сотникова менен ушырасыў болып өтти.

Институт ректоры Б.Отемуратов россиялы мийманлар менен илимий изертлеў жумысларында бирге ислесиў мәселелери бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, келешектеги мақсетлер бойынша пикирлести. Өз гезегинде, мийманлар да еки тәреплеме бирге ислесиўдиң нәтийжелери ҳаққында унамлы пикир билдирди.

Буннан соң сырт елли профессорлар институттың педагогика ҳәм психология тәлим бағдарының профессор-оқытыўшылары, илимий излениўшилер, магистрантлар ҳәм студент-жаслары менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда россиялы илимпазлар өзлери жумыс алып барып атырған жоқары оқыў орны, ол жерде илимий изертлеў жумысларының алып барылыўы, магистрант ҳәм докторантларға қойылатуғын талаплар ҳәм бирге ислесиў нәтийжелери ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Ушырасыўда институт профессор-оқытыўшылары, магистрантлар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Ушырасыў соңында россиялы илимпазлар тәрепинен педагогика ҳәм психологияда инновациялық технологиялардан пайдаланыў бойынша жазылған бир неше китаплар ҳәм оқыўлық қолланбаларды қарақалпақ тилине аўдармалаў ҳәм бирге ислесиў бойынша келисип алынды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.