«Өзбектелеком» АК мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, 2018-жылдың 1-декабрине шекем интернет хызметлерин усыныў бойынша сапалық жақтан төменлеў бақланыўы мүмкин. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Хабарда интернет сапасының төменлеўине Халықаралық пакетли коммутациялық орайы ҳәм мағлыўматлар узатыў тармақлары сыйымлылығын кеңейтиў бойынша жойбар шеңберинде тармақ модернизациясы бойынша техникалық жумыслар алып барылып атырғаны, компания келтирилетуғын қолайсызлықлар ушын пайдаланыўшылардан кеширим сорайтуғынлығы жазылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги