Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли депутатлар!

Ҳүрметли дослар!

Қәдирли Хорезм халқы!

Бәринен бурын, бүгин мине, усындай әжайып, қуўанышлы бир күнде сиз, әзийзлер менен ушырасып, бәршеңизди көтериңки кейпиятта көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Сизлерге, сизлер арқалы көпти көрген, мийнеткеш ҳәм уллы мәртебели Хорезм елине өзимниң терең ҳүрмет-иззетимди билдириўге руқсат еткейсиз.

Бүгинги күнди «әжайып», «қуўанышлы күн», деп айтқаным, әлбетте, тегиннен емес. Күни кеше Хорезм үлкесиниң мийнеткеш дийқанлары менен фермерлери елимизде биринши болып пахта бойынша шәртнамалық миннетлемесин орынлады.

Сизлерди пидәкерлик ҳәм машақатлы мийнеттиң есабынан 250 мың тоннадан аслам пахта қырманын тиклеп, мине, усындай үлкен жеңисти қолға киргизгениңиз бенен шын жүрегимнен қутлықлайман.

Ҳадал ҳәм жемисли мийнетиңиз ушын сизлерге, пүткил Хорезм елине терең миннетдаршылық билдирип, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Шынында да, Хорезм – өз кәсибиниң пидайысы ҳәм шебери болған нағыз дийқанлар ели екени менен қаншелли мақтансақ, сизлерге қаншелли алғыслар айтсақ та арзыйды.

Бул жердеги аўыр ықлымға ҳәм қыйын топырақ шараятына қарамастан, үлкениң мийнеткешлери барлық аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирип келмекте. Бул ушын адам бәринен бурын өз елин, өз Ўатанын сүйиўи, оған садықлық көрсетип жасаўы керек ҳәм Хорезм халқы оны өз тарийхында, өз турмысында қайта-қайта дәлиллеп келмекте, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Әзийз дослар, өзиңиз бир ойлап көриң, жазы жәзийрама ыссы, қысы қатты суўық, жерлери күшли шорланған бул аймақта тек мийнет етип қоймастан, ал мол зүрәәт өндириў – ол, анық айтыў керек, ҳәр кимниң де қолынан келмейди. Соның ушын хорезмли дийқанларды бир емес, еки мәрте қаҳарман, десек ҳеш қандай қәте болмайды.

Сонлықтан да мен турмыс сынақларында шыныққан, адамды, инсаныйлықты жоқары қәдирлейтуғын Хорезм халқын жүрегиме жақын аламан. Сизлер менен пикирлесип, Ўатанымыздың бүгинги ҳәм ертеңги тәғдири туўралы мазмунлы сәўбетлер қурыўды, не ислесек турмысымыз буннан былай да абадан болады, халқымыз, перзентлеримиз тыныш ҳәм татыў, бахытлы жасайды, деген мәселелер бойынша пикирлесип, мәсләҳәтлесиўди зәрүр деп билемен.

Әлбетте, бүгинги сапарымды мен әдеўир бурын режелестирип қойған едим, яғный қәне енди, биринши болып Хорезм халқын жеңис пенен қутлықласам, деп нийет еткен едим. Неге дегенде, мине, усындай қутлы, қуўанышлы күнде сизлердиң қуўанышыңызға шерик болып, ҳармаңлар, әзийзлерим, қәдирданларым, деп бәриңизге рахмет айтыўды мен тек ғана өзимниң ўазыйпам емес, ал өзим ушын үлкен мәртебе деп билемен.

Хорезм дияры сондай кийели бир ел, оны ҳәр қандай адамды да өзине тартатуғын шексиз сийқыры, тартыў күши бар. Себеби, Хорезм дегенде, дүнья цивилизациясына үлкен үлес қосқан, миллий мәмлекетшилигимиздиң тырнағы қойылған бийтәкирар бир үлке көз алдымызға келеди.

Жеке өзим қашан болса да бул үлкениң топырағына қәдем қойсам, әййемги тарийх сырларынан хабардар болғандай, көп турмыслық ҳикметлердиң мәнисин түсингендей боламан.

Хорезм туўралы сөз еткенде, белгили шайырымыз Аман Матжанның ғәрезсизлигимизден бурын жазған бир қосығы ядыма түседи. Ол «Неге Хорезмде таўлар жоқ!» деген сораўды қойып, «Хорезмниң уллы таўлары бар – бул Муҳаммед Хорезмий, Әбу Райхан Беруний, Паҳлаван Маҳмуд, Агаҳий, Ферузлар», деп жуўап береди. Бүгин биз шексиз мақтаныш пенен усы дизимге Маҳмуд Замахшарий, Нажмиддин Қубра, Жалалиддин Мангуберди, Ҳафыз Хорезмий, Сулайман Бақырғаный сыяқлы уллы бабаларымыздың қутлы атларын да қосып айтыўға толық ҳақылымыз.

Әсиресе, жеңилмес сәркарда, Ўатан қорғаўшысы, миллий қаҳарман Жалалиддин Мангубердиниң ана-журтымыздың азатлығы жолында көрсеткен теңсиз мәртлиги ҳәм жигерлилиги, мине, арадан неше әсирлер өтсе де, халқымыз ушын уллы ибрат үлгиси болып келмекте. Тек ғана отыз еки жыл өмир сүрген бул мәрт баҳадырға ҳәттеки, оның ата душпаны Шыңғысхан да тән берип, «Қәне енди, мениң де Жалалиддинге уқсаған улым болғанда еди, дүньядан әрмансыз өтер едим», деп айтқан сөзлерин әлбетте, сизлер жақсы билесиз.

Тилекке қарсы, биз мине, усындай уллы бабамыз туўралы тарийхый шынлықты жасларымызға толық жеткерип атырмыз, деп айта алмаймыз.

Мен быйылғы жылдың 3-августинде дөретиўши зыялыларымыз бенен болған ушырасыўда усы мәселени көтерип, соның ишинде, Жалалиддин Мангуберди туўралы ҳәр тәреплеме жетик көркем фильм дөретиў усынысын билдирген едим. Бул бағдарда елимиздиң театр ҳәм кино ғайраткерлери менен бир қатарда хорезмли дөретиўшилер де белсендилик етсе, нур үстине нур болар еди.

Сондай-ақ, биз уллы уламаларымыз бенен ағартыўшыларымыздың естелигин мәңгилестириў, олардың илимий, мәдений мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша баслаған жумысларымызды избе-из даўам еттирмектемиз. Атап айтқанда, Ташкент мәлимлеме технологиялары университетине Муҳаммед Хорезмийдиң аты берилип, оның жумысының буннан былай да кеңейтилгени, сондай-ақ, уллы бабамыз атындағы мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарында қәнигелестирилген мектептиң шөлкемлестирилгени усылардың қатарына киреди.

Хабарыңыз болса, биз Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң жақында Астана қаласында болып өткен саммитинде Ал-Хорезмий атындағы жас математиклердиң халықаралық олимпиадасын шөлкемлестириў ҳәм оны Өзбекистанда өткериў басламасы менен шықтық.

Усы олимпиаданы алгоритмниң ўатаны болған Хорезмде, Хорезм Маъмун академиясында өткериў ҳәр тәреплеме дурыс болады, деп ойлайман.

Ең әҳмийетлиси, бүгинги күнде елимизден Хорезмий бабамыздың мүнәсип орынбасарлары жетилисип шығып атырғаны бәршемизди қуўанышқа бөлейди.

Әне, усындай жаслардың бири, Өзбекистан миллий университети математика факультетиниң студенти, Хорезм перзенти Ҳәкимбай Эгамберганов буған айқын мысал болып табылады. Бул талантлы жигитимиз  үш жыл қатарына – 2014, 2015, 2016-жылларда математика бойынша шет еллерди болып өткен халықаралық пән олимпиадаларында алтын медальды қолға киргизген.

Бундай жаслардың тымсалында биз Хорезмий бабамыздың ақлықларын көремиз. Усындай билимли, бәркамал, ўатанға садық перзентлеримиз қанша көбейсе, Өзбекистанның келешеги соншелли уллы болады.

Ҳүрметли депутатлар!

Бүгинги ушырасыўымыздан тийкарғы мақсет –  ол шөлкемлестириўшилик мәселени көрип шығыўдан ибарат.

Соның менен бирге, Хорезм ўәлаятында әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәм олардың нәтийжеси туўралы, шешимин күтип турған әҳмийетли машқалалар менен келешектеги ўазыйпалар туўралы сизлер менен ҳәр тәреплеме пикир алысыўымыз зәрүр.

Өзбекистанды буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде барлық аймақларымыз қатарында Хорезм ўәлаятында да үлкен жумыслардың әмелге асырылып атырғанын атап өтиў орынлы.

Хорезм үлкесиниң бүгинги абадан келбети, жаңа турақ жайлар, заманагөй имаратлар, санаат кәрханалары, саўлатлы сарайлар, тегис жоллар, кең майданлар менен қыябанлар, бағлар, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият ҳәм спорт орайлары, барлық салаларда әмелге асырылып атырған жумысларды көрген адам оған толық исеним пайда етеди.

Бундай нәтийжелерге ерисиўде халық пенен турақлы пикирлесип, адамларды тәшўишке салып атырған турмыслық машқалаларды шешиў айрықша әҳмийетке ийе.

Сол мақсетте Президенттиң Виртуал қабыллаўханасы ҳәм барлық аймақларымызда Халық қабыллаўханаларының шөлкемлестирилгени, орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар, мәмлекетлик уйымлар басшыларының жергиликли Кеңеслерде есап бериўи бойынша енгизилген улыўма жаңа система өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Хорезм ўәлаятының мысалында алатуғын болсақ, быйылғы жылы Халық  қабыллаўханаларына халықтан 14 мыңнан аслам мүрәжат түскенин ҳәм соннан 12 мыңы унамлы шешилгенин атап өтиў зәрүр.

Президенттиң Виртуал қабыллаўханасына ўәлаят ҳәкимлиги ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша 16 мың мүрәжат келип түсип, соннан 11 мың 500 и ямаса 74 проценти қанаатландырылған, қалғанлары бойынша түсиник берилген. Соның ишинде, жумыс пенен тәмийинлеў бойынша 1 мың 600 ден аслам, денсаўлықты сақлаў ҳәм пенсия тайынлаў мәселелери бойынша 1 мың 400 ге шамалас, материаллық жәрдем алыў бойынша 900 ден аслам мүрәжатлар унамлы шешилген.

Әлбетте, бундай мүрәжатларды көрип шығыўда гейде оперативлик, тәжирийбе, әмелий механизмлердиң жетиспеўшилиги сезилип қалмақта. Биз бундай кемшиликлерди сапластырыў ҳәм усы системаны буннан былай да жетилистириў бойынша жумысларды даўам еттиремиз.

Қәдирли сессия қатнасыўшылары!

Хорезм ўәлаятында барлық салаларды жедел раўажландырыў бойынша тийисли бағдарламалар ҳәм инвестициялық жойбарлар ислеп шығылғаны ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Өзбекистан Республикасы Президентиниң ҳәм Ҳүкиметтиң бир қатар қарарларының қабыл етилгени белгили.

Әне, усы қарарларды орынлаў бойынша көрилип атырған илажлар себепли ўәлаятта санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў, социаллық ҳәм коммуналлық салаларда анық унамлы өзгерислер жүз бермекте.

Бул ҳаққында сөз еткенде, бәринен бурын, Хийўа қаласының ҳәм Хийўа районының шегаралары өзгертилип, Хийўа қаласының ўәлаятқа бойсынатуғын қалаға айландырылғанын атап өтиў орынлы.

Хорезм ўәлаятының экономика тармақларын раўажландырыў бойынша қабыл етилген бағдарламаларға муўапық быйылғы жылдың 9 айы даўамында 373 миллиард сумлық инвестициялардың есабынан 1,5 мыңға шамалас өндирислик ҳәм хызмет көрсетиў объектлери шөлкемлестирилген ямаса кеңейтилген. Нәтийжеде 6 мың жаңа жумыс орны шөлкемлестирилген. Соның ишинде, Шават районындағы тоқымашылық қоспа кәрханасында 71 миллиард сумлық инвестицияның есабынан жылына 70 миллион дана шулық ислеп шығарыў жолға қойылған,  шийше ыдыслар таярланатуғын кәрханада болса 35 миллиард сумлық жойбар әмелге асырылған.

Әне, усы жумыслардың даўамы сыпатында быйылғы жылдың ақырына шекем және бир қатар орта ҳәм ири кәрханаларды иске қосыў мөлшерленбекте. Атап айтқанда, Қўшкўпир районында  50 мың бас қусшылық хожалығы, Хийўа районында 500 тонна балықты қайта ислеў кәрханасы ҳәм 1000 мың тонналық музлатқыш, Бағат районында да усындай музлатқыш иске қосылады. Үргенш қаласында 250 мың тонна турмыслық шығындыны қайта ислеў бойынша кәрхана қурылмақта.

Ўәлаят экономикасын раўажландырыўдың қосымша резервлерин анықлаў ҳәм иске қосыў мақсетинде соңғы бир ҳәпте даўамында тийисли министрликлердиң ҳәм компаниялардың басшылары Хорезмге келип жаңа жойбарлар үстинде жумыс алып барғанынан сизлер хабардарсыз, деп ойлайман. Соның нәтийжесинде 2018-2019-жылларда Хорезм ўәлаятында улыўма баҳасы 716 миллион доллар болған 1 мың 500 ге шамалас жойбарды әмелге асырыў ҳәм 16 мың жаңа жумыс орнын жаратыўға мөлшерленген бағдарламаның жойбары ислеп шығылды. Соннан баҳасы 450 миллион доллар болған 478 жойбар баслама көтергенлердиң өз қаржылары ҳәм тиккелей шет ел инвестициялары есабынан әмелге асырылады.

Экономика министрлиги (Г.Саидова) Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети (А.Аҳмадхўжаев), Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги хожалық бирлеспелери менен биргеликте, жигирма күн мүддетте мине, усы жойбарлардың параметрлерин, қаржыландырыў дәреклерин, инталы – инвесторларын ҳәм әмелге асырыў мүддетлерин анық белгилеген ҳалда тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Сондай-ақ, халықаралық қаржы институтларының қаржыларын тартыў есабынан әмелге асырылатуғын ири жойбарлардың саны ўәлаяттағы бар потенциалға салыстырғанда оғада аз екенин тән алыўымыз керек. Атап айтқанда, ўәлаятта быйылғы жылы Аўыл хожалығы кәрханаларын структуралық қайта дүзиў агентлиги тәрепинен баҳасы 6,7 миллион долларлық 12 жойбар әмелге асырылмақта. Әлбетте, буны қанаатландырарлы деп болмайды.

Сонлықтан, бириншиден, агентлик (Н.Нажимов) ҳәм Орайлық банк (Т.Ишметов) мәмлекет тәрепинен тартылып атырған шет ел инвестицияларын тез ҳәм нәтийжели ислетиў бағдарындағы системаны сын көз-қарастан үйренип шығып, барлық жасалма тосқынлықларды сапластырыў илажларын көрсин.

Екиншиден, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети (А.Аҳмадхўжаев) агентлик (Н.Нажимов) Хорезм ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ушын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша кеминде 100 миллион долларлық арнаўлы шет ел кредитлерин тартыў илажларын көрсин.

Әне, усы жойбарларды әмелге асырыўда биз исбилерменлерге тек ғана үлкен үмит емес, ал усы салада мисли көрилмеген жаңа имканиятлар менен жеңилликлер жаратып бердик ҳәм бул сиясатты избе-из даўам еттириўге таярмыз.

Бул жумысларды буннан былай да раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа көтериў мақсетинде 2018-жылды Хорезм ўәлаяты ушын «Исбилерменликти түп-тийкарынан раўажландырыў ҳәм инвестициялар жылы»деп жәрияласақ, не дейсиз!

Усы мүнәсибет пенен Хорезм ўәлаяты ҳәм район ҳәкимлериниң экономика бойынша орынбасарларының жумыс усылын өзгертиў керек.

Жойбарлаў басқармасының миллий агентлиги (Ш.Содиқов) Экономика министрлиги (Г.Саидова), Сыртқы саўда министрлиги (Э.Ғаниев), Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети (А.Аҳмадхўжаев) пенен биргеликте, он күн мүддетте Хорезм ўәлаятында исбилерменликти ҳәм инвестицияларды тартыў бағдарындағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириў бойынша Президент қарарының жойбарын таярлап, тастыйықлаў ушын киргизсин.

Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлериниң экономика бойынша орныбасарлары өзлерине жүкленген тийкарғы ўазыйпалардан тысқары исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестицияларды тартыў мәселеси менен тиккелей шуғылланады. Бул өзине тән Хорезм тәжирийбеси болады.

Жоқарыда атлары атап өтилген төрт министрлик ҳәм ведомстволардың басшылары ўәлаят ҳәм район ҳәкимлериниң экономика бойынша орынбасарлары менен бирге, шет еллердеги елшилеримизди тартқан ҳалда, 1 жылда 15-20 миллион доллар муғдарында инвестициялар алып келиў ушын жеке жуўапкер етип белгиленеди.

Бул ушын бизде барлық тийкарлар бар: бәринен бурын экономиканы еркинлестириў ҳәм исбилерменлик ушын қолайлы орталық жаратыў бойынша елимизде оғада әҳмийетли пәрманлар менен қарарлар қабыл етилди. Соның ишинде, быйылғы жылдан баслап исбилерменлик субъектлериниң жумысын режеден тысқары тексериўлерге шек қойылды.

Миллий валютамызды еркин конвертациялаў мәселеси шешилди, валютаны мәжбүрий сатыў тәртиби бийкар етилди.

Сондай-ақ, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты буннан былай да жақсылаў бойынша ислейтуғын жумысларымыз еле көп. Атап айтқанда, исбилерменлик жумысын лицензиялаўға, руқсат бериўге ҳәм тәртипке салыўға байланыслы ҳәр қыйлы қағыйдаларды кескин қысқартыўымыз керек.

Салық ҳәм мәжбүрий төлемлердиң санын азайтыў, оларды қолланыў тәртибин кескин әпиўайыластырыў, исбилерменликке кең жол ашып бериў – барлық буўындағы мәмлекетлик ведомстволардың биринши гезектеги ўазыйпасына айланыўы зәрүр. Әпиўайы түрде айтқанда, биреў болса да жаңа жумыс орнын жаратқан исбилерменлерди басымызға көтеретуғын, оларға «сиз» деп мүрәжат ететуғын ўақыт келди. Бул – бүгинги күнниң ең әҳмийетли талабы, керек болса, жаңа дәўирдиң нызамы.

Буған әмел етпесек, және барлық нәрсе бурынғыдай болып қала береди. турмысымызда ҳеш қандай өзгерис ҳәм раўажланыў болмайды.

Исбилерменлик ҳәм және бир мәрте исбилерменлик, бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығарыў ҳәм дүнья базарында өз орнымызды ийелеў – мине, бизиң жолымыз.

Бизиң буннан басқа жолымыз жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емес. Дүньядағы барлық раўажланған мәмлекетлер тек ғана мине, усы жол арқалы еркин ҳәм абадан турмысқа ерискенин умытпаўымыз керек.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Жоқарыда айтып өткенимиздей, Хорезм  ўәлаятында  аўыл хожалығы саласында да түпкиликли өзгерислер әмелге асырылмақта.

Әсиресе, быйылғы оғада қолайсыз ҳаўа райы шараятында машақатлы мийнет еткен мийнеткеш фермерлер быйыл барлық егинлерден жоқары зүрәәт жетистириўге еристи. Мәселен, ўәлаят дийқанлары мәмлекетке ғәлле сатыў бойынша шәртнамалық миннетлемесин елимизде биринши болып орынлап, режедегиден 17 процент көп зүрәәт алды. Атап айтқанда. Ханқа районындағы «Мадир Хонқа», Хазарасп районындағы «Юсуф улы Бабур», Гүрлен районындағы «Ислам Таганов», «Севинчбек Ихлосбек» фермер хожалықлары гектарынан 8590 центнерден ғәлле қырманы жаратқанын айрықша атап өтиў орынлы.

Пахташылық саласында, әсиресе, Янгиариқ районындағы «Қаландар инженер», Ханқа районындағы «Шерзод Отаниязов», Бағат районындағы «Яқуб бобо ўғли Омон», «Холмурод ўғли Мансур», Қўшкўпир районындағы «Муаттар» фермер хожалықлары гектарынан орташа 4555 центнерден пахта зүрәәтин жетистиргени алғысқа ылайық.

Дәслепки есап-санақларға қарағанда, быйыл шәртнамада белгиленген 238 мың тонна пахта шийки заты жоқары сортларға сатылған болып, дерлик 427 миллиард сум дәрамат, 16 миллиард сум пайда алыныўы күтилмекте.

Соған қарамастан, ўәлаяттағы 293 фермер хожалығы режени орынламаған. Бул –  6672 тонна пахта әне, усы фермер хожалықлар тәрепинен жеткерип берилмегенин билдиреди.

Қәнигелер тәрепинен алып барылған есап-санақлар атызларда еле 31 мың тоннадан аслам пахта терип алыў имканияты бар екенлигин көрсетпекте.

Егер әне, сол пахта терип алынғанында қосымша түрде 53 миллиард сум дәрамат алыныўы ҳәм оннан жәми пайданың муғдары дерлик 55 миллиард сумға жететуғыны есаплап шығылды.

Ең тийкарғысы, әне, усы 31 мың тонна пахтадан ўәлаят халқы 18,6 миллиард сум терим пулы алып, өзиниң материаллық шараятын жақсылап алыўы ушын имканият жаратылады. Сонлықтан, биз маңлай тери менен жетистирилген сонша байлықты набыт етпестен жыйнап терип алсақ, оннан мәмлекет те, халқымыз да пайда көреди.

Аўыл хожалығы туўралы сөз еткенде, бүгинги күндеги ең әҳмийетли ўазыйпамыз – адамларды көбирек дәрамат табыўға ҳәм усы тийкарда жақсы жасаўға үйретиў, бул ушын зәрүр шараятлар жаратып бериўден ибарат.

Бул бағдарда әсиресе «Қыйтақ жер – қосымша дәрамат дәреги» деген сүренди барлық жер ийелериниң ақыл-санасына сиңдириўимиз зәрүр. Бул – халқымызды бай етиўдиң ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли факторы болып табылады.

Усы жерде қыйтақ жерден өнимли пайдаланыў, әсиресе, кем тәмийинленген шаңарақлардың дәраматын арттырыўға көмеклесиў бойынша биз Ханқа районында баслаған бир тәжирийбени мысал етип келтирмекшимен.

Бул райондағы онлаған кем тәмийинленген шаңарақларға исбилерменлерди бириктирип қойдық.

Исбилерменлердиң қаржысы есабынан кем тәмийинленген шаңарақлардың қыйтақ жерине жоқары дәрамат келтиретуғын егинлер егиўди ҳәм жетистирилген зүрәәттиң исбилерменлер тәрепинен сатып алыныўын шөлкемлестирдик. Бул жумыслар шарўашылық ҳәм қусшылық бойынша да жолға қойылды.

Бундай жумыслардан исбилерменлер де, кем тәмийинленген шаңарақлар да разы болып атырғанын атап өтиў орынлы. Адамлардың разылығы – бул ең үлкен нәтийже! «Ханқа тәжирийбеси» деп аталған бул усылды биз барлық аймақларымызда енгизиў илажларын көрмектемиз.

Және бир әҳмийетли жаңалық – жерден нәтийжели пайдаланыў мақсетинде быйыл Хорезм ўәлаятында ғәлледен босаған 33 мың гектардан аслам жерге  егинлер қайта егилди.

Дәслепки есап-санақларға бола, быйыл ўәлаятта салы, овощ, капуста, картошка, мәш сыяқлы қайта егилген егинлерден жәми 170 мың тонна өним алыныўы күтилмекте.

Ўәлаятта фермер хожалықларының суў тәмийнатын жақсылаў мақсетинде Тошсоқа магистрал суўғарыў каналлары системасы реконструкцияланбақта. Бул жойбар 2018-жылы толық жуўмақланады ҳәм 191 мың гектардан аслам жер суў менен кепилликли тәмийинленеди.

Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!

Хорезм үлкеси ушын халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў қаншелли әҳмийетли екенин бәримиз жақсы түсинемиз. Жыл басында Аралбойы регионын раўажландырыў бойынша қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарламаға тийкарланып арнаўлы қор шөлкемлестирилген еди. Қор есабынан быйыл ўәлаят ушын жәми 63 миллиард сум қаржы ажыратылды.

Соннан ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў ушын 24 миллиард сум, халықтың дем алыў орайларын шөлкемлестириўге 18 миллиард сум қаратылды. Келеси жылы бул жумыслар ушын 100 миллиард сум қаржы ажыратылады.

Ўәлаяттың заманагөй жол-коммуникация саласындағы потенциалын арттырыў бойынша да көп жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, улыўма узынлығы 335 километр болған «Бухара-Мискин» темир жолының қурылыўы арқалы жолаўшылардың ўақтын 4-5 саатқа қысқартыўға ерисилди.

Келеси жылдан баслап Ташкент-Хийўа бағдары бойынша «Афросиёб» тез жүрер поездиниң қатнаўы жолға қойылады. Бул тек ғана жергиликли халықтың узағын жақын етиўге емес, ал ўәлаятта биз ушын тийкарғы ўазыйпа болған туризмниң потенциалын раўажландырыўға үлкен имканият жаратады.

Бул туўралы айтқанда, 2017-2021-жылларда Хорезм ўәлаяты ҳәм Хийўа қаласының туризм потенциалын комплексли раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланғанын атап өтиў лазым.

Ўәлаятқа туристелердиң ағымын көбейтиў ушын темир жол ҳәм ҳаўа транспортынан пайдаланыўда 15 процентке шекем шегирмелер енгизилди.

Бүгинги күнде Хийўада үлкен туристлик комплекси қурылып атырғаны, тарийхый Нуруллабой сарайында көркем өнер галереясы, қабыллаў үйи, амфитеатр өнерментлер орайы, миллий асхана шақапшалары қурылып атырғанынан сизлер әлбетте хабардарсыз.

Сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Хийўа қаласында және 18 мийманхана қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша белгиленген илажлар аймақтың туристлик потенциалын арттырыўға хызмет етеди.

Бас министрдиң биринши орынбасары А.Раматов Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети (А.Аҳмадхўжаев), Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети (Б.Зокиров) пенен биргеликте Хийўа қаласында ең заманагөй дем алыў бағын қурыў, ол жерде заманагөй аттракционлар орнатыў, миллий архитектуралық усылда мийманханалар қурыў бойынша бир ҳәпте мүддетте тийисли жойбарды ислеп шығып, тастыйықлаў ушын киргизсин.

Жоқарыда айтып өткенимдей, Хийўада қала ҳәкимлиги қайта тикленди. Енди ҳәкимликтиң жуўапкерлери Қытайға, мусылман мәмлекетлерине барып туристлер санын көбейтиў илажларын көриў зәрүр.

Егер усы жылдың 9 айы даўамында ўәлаятқа 35 мыңнан аслам турист келген болса, бул цифрды келешекте 50 мыңға жеткериў лазым.

Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети (А.Абдуҳакимов), «Өзбекистан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы (У.Розуқулов) ўәлаят ҳәм Хийўа қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Хорезмге келетуғын туристлердиң санын көбейтиў бойынша арнаўлы график дүзип, оның орынланыўын тәмийинлеў илажларын көрсин.

Әзиз дослар!

Биз ушын ең үлкен байлық болған халықтың денсаўлығын сақлаў бағдарында Хорезм ўәлаятында да бурын ҳеш қашан болмаған өзгерислер әмелге асырылмақта. Соның ишинде, үлкеде жаңадан шөлкемлестирилген 65 аўыллық шаңарақлық поликлиникасы ҳәм 18 аўыллық шыпакерлик пункти бул жолда әҳмийетли қәдем болды.

Әсиресе, қала ҳәм районларда 18 қәнигелестирилген бөлим ашылғаны жылына 13 мыңнан аслам наўқасқа жасаў орнының өзинде медициналық жәрдем көрсетиў имканиятын бермекте.

Республикалық қәнигелестирилген медициналық орайлардың қәнигелери Хорезм ўәлаятына келип, дерлик 2800 наўқасты медициналық көриктен өткерди.

Буннан тысқары, шет елдеги абыройлы клиникалардан онлаған жетекши қәнигелер ўәлаятқа мирәт етилип, олардың қатнасыўында қыйын операциялар исленгени көплеген наўқаслардың дәртине даўа болды. Соның ишинде, россиялы белгили кардиохирург, академик Лео Бокерияның қатнасыўында жүрек кеселликлерин сапластырыў бойынша өткерилген операциялар хорезмли хирурглер ушын өзине тән шеберлик мектеби болды, десек, әйне ҳақыйқат болады.

Ўәлаятлық Кардиология орайында биринши мәрте аўыр жүрек кеселликлерин сапластырыў бойынша операциялар, жүрек қан тамырларын шунтлаў ҳәм басқа да қыйын операциялар табыслы әмелге асырылды.

Ўәлаятлардағы тез медициналық жәрдем шақапшалары қосымша рәўиште   78 та автомашина менен тәмийинленди.

Нәтийжеде шақырылған орынға тез медициналық жәрдем бригадасының жетип барыў ўақты 2 есеге қысқарды.

Хазарасп, Янгиариқ, Шават, Хийўа районлары медицина бирлеспелери, Үргениш районындағы аўыллық шыпакерлик поликлиникасында қурылыс жумыслары жуўмақланды.

Республикалық кардиология орайының Хорезм филиалы ҳәм Үргениш қаласындағы көп тармақлы аймақлық клиника объектлеринде қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Ерисилген бундай нәтийжелер әлбетте өзимиздиң алдымызға қойған үлкен жумыслардың басланыўы ғана. Үлкедеги қыйын экологиялық жағдайды есапқа алып, биз 2018-жыл Хорезм ўәлаятын үлгили медициналық хызмет көрсетилетуғын аймаққа айландырыў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз. Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги Ташкент медицина академиясының Үргениш филилалы (Р.Рўзибоев), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Шодмонов) ўәлаятлық денсаўлықты сақлаў басқармасы менен биргеликте ҳәр бир қала ҳәм районды қамтып алған Министрлер Кабинетиниң айрықша қарарының жойбарын таярлаўы керек.

Бул қарарға муўапық Бас министрдиң биринши орынбасары А.Раматов халықты патронаж хызмети менен толық ҳәм сапалы қамтып алыў, бирлемши медициналық-санитария мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, скрининг орайларының материаллық-техникалық базасын ҳәм реагентлерге болған талабын толық қаржыландырыў, Хийўадағы «Мүриўбет» майып еркеклер үйиниң материаллық-техникалық жағдайын жақсылаў бойынша жуўапкер етип белгилениўи зәрүр.

Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!

Бүгинги күнде жас әўлад тәрбиясы, олардың турмыслық мәплерин тәмийинлеў, түрли қәўип-қәтерлерден қорғаў мәселеси дүнья жүзинде ең аўыр машқалалардан бирине айланбақта. Түрли халықаралық минберлерде, абыройлы әнжуманларда бул туўралы көп гәплер айтылмақта. Бирақ, өкинишке бола, әмелий жумыслар аз. Биз жақында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сесиясында бул бойынша өз позициямызды анық баян айттық.

Өзиңиз көз алдыңызға келтириң, әзиз дослар, бүгинги дүнья жаслары саны жағынан ең үлкен әўлад болып, олар 2 миллиардты қурамақта. Дүнья тарийхында бурын ҳеш қашан бундай болмаған. Бул – жүдә үлкен күш болып табылады. Лекин әне усы қүдретли күш дурыс жолға салынбаса, жаслардың ең әҳмийетли талап ҳәм зәрүрликлери есапқа алынбаса, олар өмирде өз орнын таппаса, қәне, айтыңлар, не болады! Ҳәзирги күнде экстремизм ҳәм зорлық пенен байланыслы жынаятлардың көпшилиги 30 жасқа жетпеген жаслар тәрепинен исленбекте. Бундай жаслар қай жерден пайда болмақта! Олар билим ҳәм  кәсип өнер ийелеў, жумыс ислеў, үйли-жайлы болыў имканиятынан айрылған, наразы, өши бар жаслар арасынан шықпақта.

Егер Өзбекистан мысалында айтатуғын болсақ, республикамыз халқының 58,8 процентин, Хорезм ўәлаяты халқының болса 60 проценттен асламын жаслар қурамақта.

Егер бул санларға үлкен итибар берип, олардың мәнисин шағатуғын болсақ, алдымызда қандай үлкен ҳәм қыйын ўазыйпалар турғаны мәлим болады.

Әйне усы ўазыйпаларды есапқа алып, елимизде жаслардың саламат ҳәм бәркамал болып өсип-өниўин, билим ҳәм өнер ийелеўин, шет тиллерди үйрениўин, өзиниң қәбилетине жараса жумыс орнына ийе болыўын тәмийинлеў ушын «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызам жаңа редакцияда қабыл етилди. Ҳәрекетлер стратегиясында да бул мәселе айрықша ўазыйпа сыпатында жетекши орынға қойылған.

Биз бул бағдарда кейинги ўақытта үлкен жумысларды әмелге асырып атырғанымыз сизлерге жақсы белгили, әлбетте. Соның ишинде, перзентлеримиздиң қәлеўи ҳәм тилеклери итибарға алынып, Өзбекистан жаслар аўқамы дүзилди. Наўқыран ул-қызларымызға өз бизнесин баслаў, турақ жайға ийе болыўы ушын жеңилликли кредитлер ажыратыў, олардың ийгиликли умтылысларын қоллап-қуўатлаў бойынша нәтийжели система жолға қойылды.

Быйылдан баслап улыўма билим бериў мектеплеринде он бир жыллық билимлендириў қайта тикленди. Жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталары көбейтилди, 16 жоқары оқыў орнында сыртқы ҳәм кешки оқыў бөлимлери шөлкемлестирилди.

Биз айрықша итибар қаратып атырған және бир мәселе – бул жасларымыз ушын мүнәсип жумыс орынларын жаратыўдан ибарат.

Хорезм ўәлаятында усы жылдың өзинде дерлик 42 мыңға жақын жумыс орны ашылғанын бул бағдарда алып барылып атырған жумыслардың дәслепки нәтийжеси сыпатында қабыл етиўимиз керек.

Солардың қатарында Үргениш қаласында 32 жас шаңарақ жеңилликли тийкарда берилген жаңа үйлерге көшип өткени, «Жаслар орайы» имаратының пайдаланыўға тапсырылып, 4 мыңнан аслам китап фондына ийе болған мәлимлеме-ресурс орайы шөлкемлестирилгенин атап өтиў орынлы.

Жасларымыздың мәплери менен байланыслы және бир әҳмийетли мәселе туўралы жоқары да атап өтилген дөретиўши зыялылар менен болған ушырасыўда айрықша тоқтап өткен едик.

Яғный, илим, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер саласындағы талантлы ҳәм перспективалы жасларды материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша тийисли басшыларға анық тапсырмалар берилген еди.

Бүгин сиз, ҳүрметли ўәлаят ҳәм район басшыларынан сорамақшыман, ҳәр бириңиз өз аймақларыңызда бул мәселеде не иследиңиз!

Қайталап айтаман, биз жаслар тәрбиясында қәтержамлыққа берилмей, баслаған ислеримизди буннан былай да избе-из даўам еттириўимиз лазым. Жаслар сиясаты мәселеси бойынша Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйи – Өзбекистан жаслар аўқамының баслығы Қ.Қуранбоев мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар, ҳәкимликлер менен биргеликте төмендеги илажларды әмелге асырыўы лазым.

Бириншиден, шет еллерде ислеп жүрген жасларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге қаратылған жумысларды системалы шөлкемлестириў лазым.

Екиншиден, жәмлеспеген жаслар менен ислесиўди күшейтиў ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң шерикшилигин ҳәм жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў керек.

Үшиншиден, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мақсетинде оларды спортқа кеңнен тартыў, алыс аймақларда спорт майданшалар қурыўды шөлкемлестириў лазым.

Төртиншиден, билимлендириў мәкемелеринде билим алыўдың сапасы менен нәтийжелигин арттырыўға, қатнасты беккемлеўге айрықша итибар қаратыў, жаслар арасында алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумысларды буннан былай да күшейтиў зәрүр.

Сизлерге жақсы мәлим, кейинги ўақытта елимизде социаллық-руўхый орталықты буннан былай да беккемлеўге үлкен әҳмийет қаратылмақта. Бул мәселе барлық аймақларымыздың қатарында Хорезм ўәлаяты ушын да оғада үлкен әҳмийетке ийе екени ҳаққында артықша айтып отырыўдың зәрүрлиги жоқ, деп ойлайман.

Бул бағдарда алып барылып атырған жумысларымызға сын баҳа беретуғын болсақ, ашық-айдын тән алыўымыз керек, диний исеним мәселесинде алжасқанларды дурыс жолға салыў бағдарында еле де кемшиликлер бар. Бул мәселеге тек ғана ҳәкимият, ишки ислер, диний мәкеме жуўапкер, деген гәп – бул надурыс. Жаслар менен ислесиў бәршемиздиң жумысымыз болыўы керек. Ата-бабаларымыз «Бир балаға жети мәҳәлле ҳәм ата ҳәм ана» деген мақалға әмел етип, кем болмаған.

Жолдан адасқанларды тек ғана дизимнен шығарыў менен жумыс питпейди. Оларға әмелий жәрдем бериў, мүнәсип жумыс таўып бериў, арзан кредитлер ҳәм турақ жайлар менен тәмийинлеў лазым. Бундай адамларды саламат турмысқа қайтарыў мәселесинде оғада нәзиклик пенен, илим менен, ағартыўшылық пенен, бәринен бурын, жеке үлги көрсетип ислеў керек. Себеби олар да Өзбекистан пуқарасы. Ҳәзирги ўақытта олар да Өзбекистан пуқарасының ҳуқық ҳәм еркинликлери менен, жуўапкершилиги ҳәм миннетлемеси де бар екенин ҳеш қашан естен шығармаўымыз керек.

Мен 1-сентябрь күни Ҳәзирети Имам комплексинде диний уламаларымыз бенен болған ушырасыўда басқа көп ғана мәселелер қатарында ҳажы сапарын шөлкемлестириў бойынша да пикир билдирген едим.

Мениңше, ҳажы зыяраты тек ғана ибадат емес, бәлким бәринен бурын үлкен бир жуўапкершилик болып табылады. Бундай уллы зыяраттың шүкиршилиги де болыўы керек. Мен жолдан адасқанларды тәрбиялаў, оларды саламат турмысқа қайтарыўда белсендилик көрсеткенлерди биринши гезекте ҳажыға жибериў лазым, деп айтқанымда жүдә көп нәрселерди нәзерде тутқан едим. Яғный буның мәниси кең.

Айтайық, ҳажыға бармақшы болған адам бәринен бурын мәҳәллесиндеги, өзиниң аўылындағы саўап ислерге үлес қосса, мектепте, лицей-колледжде жаслар менен ушырасып, тәрбиялық сәўбетлер өткерсе, олардың турмыста өз орнын табыўында мәсләҳәти менен көмегин аямаса, жәмийетимиздеги орталықты, халықтың дүнья қарасын өзгертиўге жүдә үлкен хызмет еткен болар еди.

Бәршемизге белгили, Ҳажы сапары – бул мусылманшылықтың бесинши парызы. Бул парызды әмелге асырыў ушын адам бәринен бурын алдынғы төрт парызды толық орынлаған болыўы керек. Өзиниң минез-қулқы, әдеби, ҳадал-пәклиги, адамларға мийрим-шәпәәти менен ел-журттың ҳүрметине ерисиўи лазым.

Ҳажыға барған адам зыярат даўамында бәринен бурын өзиниң, өз халқының мәдениятын көрсетиўи керек. Бәлким, мине, қараңлар, бул инсан Имам Бухарийдиң ўатанласы екен, деп басқалар оған ҳәўес етсин. Елимизге қайтып келгеннен кейин де жүрис-турысы, мәденияты менен ҳәммеге үлги болыўы, руўхыйлығымыздың үгит-нәсиятлаўшысы болыўы керек.

Ҳажыға тек ғана ақшасы барлар ямаса таныс-билиси барлар барады, деген пикирди пүткиллей өзгертиў ўақты келди. Хорезм ўәлаятында да ҳажыға баратуғынлардың дизимин сол көз-қарастан көрип шығыў лазым. Бул мәселеде де әдиллик орнатыў лазым.

Бул бағдарда Өзбекистан мусылманлары мәкемеси ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң басшылары терең ойлап, бир қарарға келсе, нур үстине нур болар еди.

Ҳүрметли дослар!

Халықтың тыныш ҳәм татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў – бүгинги күнде ең әҳмийетли ўазыйпа саналады.

Ўәлаятта бул тараўға кең жәмийетшиликти тартқан ҳалда, мәҳәллелерде 431 жәмийетлик қадағалаў орынлары дүзилген.

Ҳуқықбузарлық ислеўге бейим болған дерлик 1800 шахс пенен әмелий ис алып барылғанының нәтийжесинде олардың 655 и саламат турмыс тәризине қайтарылған.

Бүгинги күнде 368 профилактика инспекторының 120 сына турақ жайлар ҳәм автотранспорт қураллары салтанатлы түрде тапсырылды.

Әмелге асырылып атырған бундай илажлар тәбийғый түрде өз нәтийжесин бермекте. Мәселен, ўәлаятта 702 ашылмай қалған жынаят ашылған, қашып жүрген 211 жынаятшы усланған. Исленген жынаятлардың саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 13 процентке ямаса 316 ға кемейген.

Әсиресе, соңғы еки айда жынаят ислеў жағдайлары дерлик 4 есеге азайғаны итибарға ылайық. Ең әҳмийетлиси, ўәлаятта 198 мәҳәлледе улыўма жынат исленбеген.

Мине усындай нәтийжелерге ерисиўде өзин аямастан, шын жүректен хызмет етип киятырған барлық жерлеслеримизге терең миннетдаршылық билдириўге рухсат бергейсиз. Демек, бир жағадан бас шығарып, қатты ислесек, көп нәрсеге ерисиўимиз мүмкин екен. Ҳәзирги ўақтытта бул нәтийжелер менен шекленбестен, ишки ислер уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған реформаларды жаңа басқышқа алып шығыўымыз зәрүр.

Биз Хорезм ўәлаятын жынаятлардан пүткиллей жырақ аймаққа айландырып, бул бағдарда Хорезм тәжирийбесин жаратсақ, не дейсизлер!

Усы мақсетте Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Хорезм ўәлаятында «Қәўипсиз аймақ концепциясы»н ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизиўи зәрүр.

Биз ушын жаңалық болған әҳмийетли жойбарды тек ғана қалаларымызда емес, бәлким районларымызда да нәтийжели әмелге асырыў ушын айырым әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтпекшимен.

Бириншиден, районлық ҳәм қалалық ишки ислер бөлимлери структурасын сын көз қарастан қайта көрип шығып, хызметкерлердиң тийкарғы бөлеги посёлка ҳәм аўыллық елатлы пунктлерге жақын орынларда жумыс алып барыўын тәмийинлеўимиз керек.

Бул мәселе бойынша Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйи О.Муродов Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте, бир ай мүддетте Үргениш қаласы ҳәм Қўшкўпир районы ишки ислер бөлимлери структурасын және жеке қурамын түп-тийкарынан қайта көрип шығып, тәжирийбе тәризинде әмелдеги хызметлердиң жумысын тиккелей орынларда шөлкемлестириўге байланыслы усыныслар киргизсин.

Екиншиден, ҳәр айда профилактика инспекторлары ҳәм мәҳәлле баслықлары көшеме-көше жүрип, пуқаралар менен ушырасып, жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы есап берип барыўы керек.

Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйи О.Муродов, Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов), «Мәҳәлле» фонды (Ш.Жавлонов) Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте, бир ай мүддетте профилактика инспекторлары ҳәм мәҳәлле баслықларының есап бериў системасын енгизсин.

Профилактика инспекторлары буннан кейин ишки ислер уйымларының мәҳәлледеги ўәкили емес, бәлким мәҳәллениң ишки ислер уйымларындағы ўәкили сыпатында өз жумысын шөлкемлестириўи керек. Олар өз есабын әне усы принциптен келип шыққан ҳалда бериўи шәрт. Бул пүткиллей жаңа система болып, оның тийкарында терең мәни бар. Профилактика инспекторы бәринен бурын мәҳәллениң мәпин биринши орынға қойыўы лазым.

Үшиниден, өзине бириктирилген аймақта жынаят болмаўын тәмийинлеп атырған профилактика инспекторы ҳәм керисинше – өзиниң аймағында жынаят болыўына жол қойған профилактика инспекторы бирдей муғдарда айлық алыўы әдаладтан емес, деп есаплайман.

Соның ушын Ишки ислер министри (П.Бобожонов), «Мәҳәлле» фонды (Ш.Жавлонов) Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте, бир ай мүддетте өз аймағында жасайтуғын пуқаралар тәрепинен жынаят ислениўине жол қоймаған  мәҳәлле баслықлары ҳәм профилактика инспекторларына айлық мийнет ҳақының 30 проценти муғдарында хошаметлеў ақшасын бериў ҳәм, керисинше, жынаят ислеўге жол қойылған жағдайда болса оларға айлық мийнет ҳақысының 30 проценти муғдарында жәрийма қоллаўды нәзерде тутатуғын тәртипти ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын.

Төртиншиден, жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде жәмийетлик орынлар ҳәм елатлы турақ жайларда бақлаў камералары орнатылыўын шөлкемлестириў керек.

Бас министрдиң биринши орынбасары А.Раматов Ишки ислер министри (П.Бобожонов), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте бир ай мүддетте ишки ислер уйымларының жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, жәмийетлик орынларда бақлаў камераларын орнатыў бойынша анық илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

Бесиншиден, Ишки ислер министри (П.Бобожонов), Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте 2017-жыл 1-декабрьге шекем Хорезм ўәлаятында ишки ислер уйымлары профилактика инспекторларына турақ жайлар ҳәм автотранспорт қуралларын тапсырыў жумысларын жуўмағына жеткерсин.

Ҳүрметли депутатлар!

Биз Хорезм ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша ерисилип атырған нәтийжелерге қысқаша ғана тоқтап өттик. Лекин әне усы талқылаўдың өзи-ақ Хорезм ўәлаятында барлық тараўларда үлкен өзгерислер жүз берип атырғанын көрсетпекте.

Әлбетте, бундай нәтийжелерге ерисиўде 2012-жылдан берли ўәлаятқа басшылық етип келген Пўлат Раззоқович Бобожоновтың мүнәсип үлеси бар екенин жақсы билемиз.

Бул басшы берилген тапсырмаларды өз ўақтында жуўапкершилик пенен орынлаўы, ел-журттың мәпи ушын жан күйдириўи, инталылық ҳәм талапшаңлық пазыйлетлериниң арқасында ўәлаятта абыройға ийе болды.

Әне усындай басшылық потенциалын есапқа алып, П.Бобожоновты еле де жуўапкершиликли ўазыйпаға – ишки ислер министри лаўазымына тайынладық.

Усы мүнәсибет пенен бүгинги сесияда шөлкемлестириў мәселеси, яғный Хорезм ўәлаятына жаңа ҳәким тайынлаў мәселесин көрип шығыўымыз керек.

Халық депутатлары ўәлаятлық кеңесиндеги сиясий партиялар менен, ўәлаят белсендилери ҳәм ақсақаллары менен мәсләҳәтлескен ҳалда, мен үлкен тәжирийбеге ийе болған, бир неше жыллар даўамында жоқары лаўазымларда ислеген, бүгинги күнде ўәлаят ҳәкими ўазыйпасын ўақтынша атқарып киятырған Илгизар Матяқубовия Собировтың талабанлығын ўәлаят ҳәкими лаўазымына усыныс етемен.

И.Собиров 1959-жылы туўылған. Өз жумысы даўамында Өзбекистан Илимлер академиясы, Ташкент юридика институты, Жоқары суд, Жоқары хожалық суды, Президент аппаратында жуўапкерли лаўазымларда ислеген. Қўшқўпир районы ҳәкими, Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Хорезм ўәлаяты әдиллик басқармасы баслығы лаўазымларында жумыс алып барған, 2017-жыл февраль айынан баслап Өзбекистан Республикасы Президентиниң Хорезм ўәлаяты Халық қабыллаўханасы баслығы ўазыйпасын атқарып келген.

Илгизар Собиров Хорезм ўәлаятының шараятын, оның экономикалық-социаллық потенциалын, бул жердеги басшыларды жақынан жақсы биледи.

Мийнеткеш, сабырлы, жигерли Хорезм ели ўәлаяттың жаңа басшысы әтирапында бирлесип, Хорезм үлкесин буннан былай да раўажландырыў жолында үлкен унамлы нәтийжелерге әлбетте ерисетуғынына беккем исенемен.

Сөзимниң жуўмағында сизлерге, сизлер арқалы мәрт ҳәм уллы Хорезм халқына саў-саламатлық, бахыт ҳәм әўмет, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.