Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы тәрепинен тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм ҳәр қыйлы нызам бузыўшылықлардың алдын алыў бағдарында илажлар даўам етпекте. Биз Федерацияның Баспасөз ҳәм мәлимлеме секторы мағлыўматлары тийкарында таярланған қысқаша хабарларды дыққатыңызға усынамыз.

Усы мағлыўматларды оқыған лаўазымлы шахслар да, тутыныўшылар да алдағы ўақытлар өз ўазыйпаларына ҳәм миннетлерине итибарлырақ болады, деген үмиттемиз.

 

ҮЙДИ ОҢЛАЙМАН, ДЕП ЦЕМЕНТ САТЫП АЛҒАН ЕДИМ,

САПАСЫ ЖАҚСЫ ЕМЕС ЕКЕН

Усындай мазмундағы мүрәжат пенен Кегейли районы Халқабад елаты Ж.Бекмурзаев көшесинде жасаўшы пуқара Үзилдик Ережепова районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине келеди.

Яғный, бул пуқара Кегейли гүзарында жайласқан С.Дға тийисли саўда орайынан ҳәр бириниң салмағы 50 килограмм болған 2 қалта цемент сатып алады. Бирақ оның биреўи жарамсыз болып шығады. Сатыўшыға оны басқасына алмастырып бериўин талап еткенинде, ол келисим бермейди.

Усы ўақыя бойынша жәмийет тәрепинен тексериў жумыслары алып барылып, тутыныўшының ҳақ екенлиги анықланған. Өзбекистан Республикасының «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамының кемшилиги бар товарды басқасына бийпул алмастырып бериў тәртиплери көрсетилген  15-статьясына муўапық Үзилдик Ережепованың         1 қалта цементи жаңасына алмастырылып берилди.

*       *       *

 

«ЖАҢАДАН САТЫП АЛҒАН МЕБЕЛИМНИҢ ЕСИКЛЕРИ ДҮКАНДАҒЫСЫНАН БАСҚАША, АЛМАСТЫРЫП БЕРИҢ»

Бул мүрәжат та усы мазмунда.

Яғный, Шымбай районы Наўайы көшесинде жасаўшы пуқара Сарбиназ Сейткамалова «Нөкис моторс кредит» ЖШЖ ниң есап бетине              5 миллион сум пул өткериў арқалы мебель сатып алады. Қурып бериў ушын да қосымша 200 мың сум төлейди. Мебель қурылғаннан кейин қараса, ол талап дәрежесинде емеслиги анықланып, С.Сейткамалова «Нөкис моторс кредит» ЖШЖ не бул ҳаққында мәлим етеди. Оның баслығы мебельди басқасына алмастырып бериўден бас тартады.

Буннан наразы болған пуқара Шымбай районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етип, ўақыя үйренилгенинде тутыныўшының ҳақ екенлиги анықланады. «Нөкис моторс кредит» ЖШЖ баслығына түсиндириў жумыслары алып барылып, С.Сейткамалованың мебели жаңасына алмастырылады.

 

*       *       *

ГАЗДЕН ҚАРЫЗЫ БОЛМАСА ДА 10 КҮНГЕ

81 МЫҢ СУМ ЖАРИЙМА ЖАЗЫЛҒАН

Бүгинги күнде бир де бир күнимизди газсиз көз алдымызға келтире алмаймыз. Аўыллық жерлерде де сондай. Усыны аңлаған көпшилик пуқаралар коммунал төлемлерин өз ўақтында әмелге асырыўға ҳәрекет етеди.

Қараөзек районы «Ғәрезсизлик гүзары» МПЖ да жасаўшы пуқара Венера Қунназарова да ел қатары газ ушын төлемлерин өз ўақтында төлеп келген. Бирақ соған қарамастан районлық газ тәмийнаты кәрханасы қәнигелери оның үйине келип 10 күнге қарызы бар екенин айтып 81 мың сум жарийма жазып кеткен. Буннан наразы болған пуқара В.Қунназарова Қараөзек районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етеди. Үйрениў жумыслары нәтийжесинде, тутыныўшының газден ҳеш қандай қарызы жоқ екенлиги анықланған.

Солай етип, газ тексериўшиси тәрепинен жазылған жарийма бийкар етиледи.

*    *     *

НАТУЎРЫ МАҒЛЫЎМАТ БЕРГЕНИ УШЫН КӘРХАНА ҚӘНИГЕСИ КОММУНАЛ ТӨЛЕМДИ ӨЗ ИС ҲАҚЫСЫНАН ТӨЛЕДИ

Әмиўдәрья районы Маңғыт қаласы Самарқанд көшесинде жасаўшы пуқара И.Беканов «Әмиўдәрьярайонгаз» филиалына төлеўди әмелге асырыўға барғанында оған сол күнги жуўапкер хызметкер базаны тексермей турып ҳеш қандай қарызы жоқ екенлигин айтады. Бирақ, арадан ўақыт өтип газ хызметкерлери оның үйине келип 261 мың сум қарызы бар екенлиги туўралы ескертиў хатын берип кетеди. Бул жағдайға анықлық киргизиў мақсетинде И.Бекжанов Әмиўдәрья районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етеди.

Жәмийет тәрепинен үйрениў жумыслары жүргизилип, тутыныўшы И.Бекжановқа надурыс мағлыўмат берилгени анықланады. Надурыс мағлыўмат бергени ушын 261 мың сумлық қарыз сол күнги нәўбетши хызметкердиң айлық ис ҳақысынан услап қалынды.

*    *     *

ЖӘНЕ БИР ХЫЗМЕТКЕР ҚӘТЕГЕ ЖОЛ ҚОЙҒАНЫ СЕБЕПЛИ ТУТЫНЫЎШЫ УШЫН ТӨЛЕДИ

Газ төлемлери менен байланыслы тутыныўшылардың наразылық жағдайлары Нөкис районында да  болды. Атап айтқанда, Нөкис районы Тақыркөл АПЖ да жасаўшы пуқара Гәўҳар Сапарова ҳәр айда өз айлық ис ҳақысынан почта арқалы төлеўлерди әмелге асырып келген. Бирақ есап бетине усы пуллар келип түспеген. Оның мүрәжаты бойынша районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен тексериў өткерилгенинде Тақыркөл почта байланыс кәрханасы арқалы жәми 120 мың сум пул тутыныўшының есап бетине өтпей қалғаны анықланды. Сол күни онын пулын қабыллап алған хызметкер өзиниң айлық ис ҳақысынан өтпей қалған 120 мың сумды газ тәмийнаты кәрханасы есап бетине өткерип берди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.