Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалында O’zLiDeР Нөкис қалалық Кеңесиниң «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен «Биз инталы ҳәм пидайылар қатарындамыз» атамасында ушырасыў болып өтти.

Оған партияның Нөкис қалалық Кеңесиниң хызметкерлери, тийисли тараў ўәкиллери, исбилерменлер, партия белсендилери, студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыўда тийкарынан партияның идеялық мақсет ҳәм бағдарламаларын үгит-нәсиятлаў, оның бүгинги күндеги жумыслары, жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў, белсенди ҳәм инталы жигит-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды кадрлар қорына алыў, партия қатарын кеңейтиў мәселелери додаланды.

– Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменлик тараўын раўажландырыўға үлкен итибар қаратылып келинбекте,-дейди Нөкис қаласындағы «Ривож-Юлдуз» ЖШЖ баслығы З.Каримбаева. – Исбилерменликти баслаған пайытларымда көплеген қыйыншылықларға ушырасқан едим. Бүгинги күнде болса, исбилерменлик тараўын еледе раўажландырыў ушын қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийети үлкен. Сонлықтан, ертеңги күни исбилермен боламан деген ҳәр бир жас ең дәслеп базарды үйрениўи, қандай затларға қарыйдар көп, сапа жағынан қайсы товар экпортқа жуўап береди, усылардың барлығын итибарға алыўы керек.

Илажда партияның идеялық мақсет ҳәм бағдарламалары кеңнен түсиндирилип, партияға жаңадан 20 ағза қабыл етилди ҳәм оларға гүўалықлар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.