Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы шөлкемлестирилгенлигиниң 15 жыллығы мүнәсибети менен партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Ең үлгили районлық(қалалық) партия шөлкеми», «Ең үлгили басланғыш партия шөлкеми»,  «Халық депутатлары жергиликли Кеңеслердеги ең белсенди депутат» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

«Ең үлгили районлық(қалалық) партия шөлкеми» таңлаўында партия Уставы менен Бағдарламасында көрсетилген ўазыйпаларды орынларда үгит-нәсиятлаўда ҳәм партияның басшы уйымларының қарарлары менен бийликлеринде белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде айрықша үлги және белсендилик көрсеткен районлық(қалалық) партия шөлкемлери баҳаланып барылды.

Онда партияның барлық районлық ҳәм қалалық Кеңеслери қатнасып,  Әмиўдәрья районлық Кеңеси биринши, Елликқала районлық Кеңеси екинши, Шоманай районлық Кеңеси үшинши орынды ийеледи.

 

Ал, «Ең үлгили басланғыш партия шөлкеми» таңлаўында қатнасыўшылардың партияның тийкарғы идеялық мақсет ҳәм ўазыйпаларын орынларда үгит-нәсиятлаў, партия қатарына жаңа ағзаларды тартыў, үлгили басланғыш партия шөлкемлериниң санын көбейтиў, олардың жумысын сапа жағынан жақсылаў, партиядан сайланған депутатлар менен жумысларды күшейтиў бағдарындағы жумысларына айрықша итибар қаратылды.

Бул таңлаўда «Нукус Евро Строй» ЖШЖниң басланғыш партия шөлкеми биринши, Шоманай районындағы «Бәркамал әўлад» балалар орайының басланғыш партия шөлкеми екинши, Кегейли районлық Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң басланғыш партия шөлкеми үшинши орынды ийеледи.

Сондай-ақ, «Халық депутатлары жергиликли Кеңеслердеги ең белсенди депутат» таңлаўында депутатлардың өзлери сайланған аймақта депутат сыпатында алып барған жумыслары, халықтың машқалаларын үйрениў бағдарындағы ислеген унамлы жумыслары, депутатлық сораўлар себепли сапластырылған машқалалары төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып, Төрткүл районынан депутат А.Дүйсенов биринши, Қоңырат районынан депутат З.Сейдуллаева екинши, Әмиўдәрья районынан депутат М.Бекназарова үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар сыйлықланып, усы таңлаўлардың Өзбекстан Республикалық басқышында қатнасыў ушын жоллама алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.