-ДЕЙДИ ШЫМБАЙ РАЙОНЫНАН ИСБИЛЕРМЕН ГҮЛБӘҲӘР ЕШМУРАТОВА

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында ҳаял-қызлардың социаллық белсендилигин арттырыў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы орнын күшейтиў, ҳаял-қызлар, кәсип-өнер колледжлериниң питкериўши қызларының бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменлик хызметине кеңнен тартыў бойынша комплексли илажлар белгиленген.

Әсиресе, Президентимиздиң исбилерменлик жумысының жедел раўажланыўын тәмийинлеўге, жеке меншик мүлкти ҳәр тәреплеме қорғаўға ҳәм исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға байланыслы қабыл етилген бир қатар Пәрман және қарарлары елимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң нәтийжели жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм бул бағдардағы жумыслардың көлемин буннан былай да арттырыўда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болмақта.

Гүлбәҳәр Ешмуратова да елимиздеги исбилерменлерге жаратылған мине усындай шараятлардан пайдаланған ҳалда, өткен жылдың ноябрь айында «Миллий банк»тиң Шымбай районлық филиалынан алынған 1 миллиард 300 миллион кредит есабынан тигиўшиликке қәнигелестирилген «FUTURE STAR» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашты. Нәтийжеде 7 ҳаял-қыз турақлы, 13и мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленди. Жыл ақырына шекем 89 миллион сумлық өним сатылып, алынған сап пайда 18 миллион сумды қурады.

Деген менен, исбилерменлик жумысында айырым машқалалар да жүзеге келди. Яғный, ислеп шығарылған өнимлерди биржа саўдасы арқалы сатыўда қыйыншылықлар ушырасып, нәтийжеде жумысшыларды пулсыз дем алысқа жибериўге мәжбүр болды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 15-августтағы «Мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң оқыўшыларын бирден-бир мектеп формасы менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары исбилерменниң жумысында және үмит ушқынларын пайда етти. «Ўзтўқимачиликсаноат» ассоциациясына ағза болып,  мектеп формасын тигиўди мақсет етти.  Ассоциацияның қәнигелери кәрхананың технологиялық жақтан өндирислик имканиятлары менен жақыннан танысып, жоқары баҳа берди. Бирақ, мектеп формасын тигиў ушын айырым шийки затлар Қытай мәмлекетинен алып келинеди екен.

–Президентимиздиң республикамызға сапары ўақтында өткерген видеоселектор мәжилисинде исбилерменлик жумысымдағы айырым машқалаларды, яғный, мектеп формасын тигиў ушын зәрүр шийки затларды орайластырылған ҳалда жеткерип бериўди шөлкемлестириў усынысын билдирдим, –дейди Гүлбәҳәр Ешмуратова. –Мениң бул усынысым Президентимиз тәрепинен мақулланды ҳәм оның шешими бойынша «Ўзтўқимачиликсаноат» ассоциациясы басшыларына тапсырмалар берилди. Буннан жүдә қуўанышлыман. Елимиздиң басшысы биз исбилерменлерди ҳәмийше, мине, усындай қоллап-қуўатлап, дәртимизди тыңлап келмекте. Буған жуўап ретинде биз исбилерменлер бар күш-ғайратымызды елимиздиң гүллеп-раўажланыўына жумсап, өзлеримиздиң үлесимизди қосыўымыз шәрт.

Президентимиздиң республикамызға сапары даўамында Гүлбәҳәр сыяқлы көплеген исбилерменлердиң машқалалары шешимин тапты, бул оларды буннан да жигерли мийнет етиўге руўхландырып, жаңадан-жаңа табысларға қарай жетелейди.  Мақаламыздың қаҳарманы да келешекте өндиристи кеңейтип, және 40қа шамалас ҳаял-қызды, соның ишинде, кәсип-өнер колледжи питкериўшилерин турақлы жумыс пенен тәмийинлемекши. Бул оның  Президентимиздиң сапарынан кейинги мақсети. Бул бағдардағы тынымсыз изленислер менен умтылыслар болса, кеңнен ен жайып бара береди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы