Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң мағлыўматларына қарағанда, турақлы патасландыратуғын шығындылар дәреклери арасында нефть-газ қазып алатуғын ҳәм қайта ислейтуғын кәрханалар биринши орынды ийелеп, улыўмалық санаат шығындыларының 46 процентинен асламы оның үлесине туўра келеди. Булар тийкарынан (44 процент) углеводородлар болып, екинши орын электроэнергетика (20,7 процент) тараўына туўра келеди.

Мәлим болыўынша, атмосфера ҳаўасына турақлы дәреклерден шығарылатуғын барлық патасландырыўшы шығындылардың 17 проценти металлургия санаатына туўра келип, Алмалық таў-кән металлургия комбинаты республика бойынша атмосфера ҳаўасын патасландырыўшы (15,3 процент) ең ири кәрхана болып табылады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги