Жақында Нөкисте Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал демократиялық партиясы шөлкемлескениниң 15  жыллығы мүнәсибети менен O’zLiDeР Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Ҳаяллар қанаты»ның ең белсенди ағзасы таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқағы Кеңеси депутатлары, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Таңлаўға қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған түрли тараўларда жумыс ислеп атырған 10 ҳаял-қыз қатнасты.

– Бүгинги күнде қайсы бир тараўды алып қарасақ ҳаял-қызлардың белсендилигин көриўимизге болады, – дейди O’zLiDeР Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиның аппарат баслығы Ш.Өтемисов. Жәмийетте ҳаял-қызлардың ролин ҳәм абырайын еле де арттырыў, оларды исбилерменлик ҳәм фермерлик пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў партияның сайлаў алды бағдарламасы  менен тиккелей байланыслы болып есапланады.

Қатнасыўшылар үш шәрт бойынша өз-ара беллести. Тәжирийбели төрешилер тәрепинен қатнасыўшылардың өзин сахнада тутыў мәденияты, сиясий саўатлылығы, жәмийетлик ҳәм партия жумысларындағы белсендилиги сынақтан өткерип, баҳаланып барылды.

Таңлаў жуўмағында Нөкисли жеке исбилермен Гүлайым Хожамуратова биринши, Қараөзек районындағы «Фаровон дала» фермер хожалығы баслығы Лейли Монтаева екинши, хожелиши жас исбилермен Гули Рейимбаева ҳәм елликқалалы Гуласал Каримбаевалар үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар партия тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы