Усы жыл 1922-ноябрь күнлери аралығында Нөкис қалалық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде ересеклер арасында спорттың бокс түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилмекте.

Жарыс АИБА (халықаралық ҳәўескер бокс ассосациясының) әмелдеги тәртип қағыйдалары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бокс федерациясының Устав  ҳәм қағыйдаларына тийкарланып алып барылмақта.

Жарысқа республикамыздағы барлық спорт мектеплери, қәнигелестирилген Нөкис олимпиада резервлери мектеп интернаты, Нөкис спорт колледжи ҳәм жоқары оқыў орынлары, мәкеме, шөлкемлердиң сайланды командалырынан жәми 40 қа шамалас спортшылар 52, 57, 63, 69, 75, 81, 91,+91 кг салмақ категориясында қатнаспақта.

Жарыс жеңимпазлары  Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған  I-II-III-дәрежели дипломы менен сыйлықланады.

Жарыстың барысы ҳаққында мағлыўмат берип барамыз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы