Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-ноябрь күни пайтахтымыздағы «Toshkent City»  халықаралық исбилерменлик орайы аймағында қурылып атырған заманагөй имаратлардың қурылысы менен танысты.

«Tоshkent City» – халқимиз бунёдкорлик салоҳиятининг ёрқин намоёни

«Шығыс дәрўазасы» деп тәрийпленетуғын Ташкент қаласын жасаў ушын қолайлы мегаполиске айландырыў, аймақта хызмет көрсетиў, транспорт-логистика, бизнес инфраструктураларын раўажландырыў жолында кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылып атырған «Toshkent City» халықаралық исбилерменлик орайы әне усындай бийбаҳа жойбарлардан болып, пайтахтымыздың жәҳәндеги ең заманагөй ҳәм көркем қалалар қатарынан орын алыўына хызмет етеди.

80 гектардан ибарат халықаралық исбилерменлик орайында мәмлекетимиз басшысының дәслепки сапарлары ўақтында берилген көрсетпелер тийкарында қурылыс жумыслары жедел алып барылмақта. Бизнес орайлар, мийманханалар, конгресс-холл, офислер, көп қабатлы турақ жайлар, ресторанлар ҳәм басқа да объектлер жети лотқа ажыратылған ҳалда қурылмақта.

Президентимиз объект пенен танысыўды дүньяның жетекши брендлеринен болған бес жулдызлы «Hilton» мийманханасы қурылысын көзден өткериўден баслады.

Жигирма қабатлы бул мийманхана ең заманагөй қолайлықларды өзинде жәмлейди. Онда абырайлы әнжуманлар өткериў ушын заллар, ресторанлар, салонлар, бассейнлер қурылады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманхана питкеннен соң, қандай көринисте болатуғынын көз алдына келтириў ушын үлги сыпатында қурылған бөлме ҳәм заллар менен танысты. Бөлмелердиң көринисинде, дизайнында реңлер үйлесимлилигине айрықша итибар қаратыў, кейпиятты көтеретуғын ашық реңлерден көбирек пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти.

«Hilton» мийманханасы жанында исбилерменлик орайының ең ири имаратларынан бири-конгресс-холл қурылмақта. Оның улыўма майданы 33 мың метр квадратты қурайды. Жоқары мәртебели мийманлардың қатнасыўында халықаралық әнжуманлар өткериўге мөлшерленген конгресс-холл ең соңғы технологиялар менен үскенеленеди. Тийкарғы ушырасыўлар өткерилетуғын залға дерлик төрт мың адам сыяды.

Шавкат Мирзиёев конгресс-холлды жәҳән стандартлары тийкарында сапалы қурыў, ири делегацияларды қабыл етиў ушын зәрүр қолайлықлар жаратыў бойынша тапсырмалар берди.

Президентимизге 7-лотта әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Исбилерменлик орайының бул аймағы Европа усылындағы сейил етиў орны, сондай-ақ, 7 ҳәм 9 қабатлы имаратлардан ибарат болады. Имаратларда кафе ҳәм ресторанлар, саўда комплекслери, белгили брендлердиң дүканлары, турақ жай ҳәм мийманханалар, офислер жайласады.

Мәмлекетимиз басшысы «Gardens Residence» турақ жай комплексин де барып көрди. Үлги сыпатында қурылған 2 ҳәм 4 бөлмели жайлар, таяр жайларды сатыў бойынша саўда офиси-«Dream City» да карыйдарларға жаратылған шараятлар менен танысты.

Сегиз гектар майданды ийелейтуғын бул комплекс тоғыз көп квартиралы жайдан ибарат болады. Жайларды жойбарлаўда барлық заманагөй усыллар инабатқа алынған. Көп балалы шаңарақлардың перзентлери, ата-аналар ҳәм мийманларға бөлек-бөлек бөлмелер ажыратылған.

Турақ жай комплекслерин жойбарлаўға ҳәм қурыўға аудит, консалтинг ҳәм қурылыс тараўындағы белгили сырт ел компаниялары тартылған.

Мине, усындай шараятта жасаған адамлардың дүньяға көзқарасы, турмысқа қатнасы өзгереди, жаңаша мәденият қәлиплеседи, деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы «Toshkent City» тек ғана мәмлекетимиздеги емес, ал Орайлық Азиядағы ең үлкен исбилерменлик ҳәм турақ жай орнына айланыўы кереклигин атап өтип, оны заманагөй қала қурылысы нормалары тийкарында қурыў, бул жерде қурылып атырған турақ жай комплекслери ҳәм бизнес офислер ҳаққында қарыйдарларға көбирек мағлыўмат бериў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

photo5449759774716570091.jpg

photo5449759774716570093.jpg

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы