Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәр жылы  Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында  елимиздеги социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысып, халық пенен пикирлеседи.

Сондай-ақ, Президентимиз өзиниң ҳәр бир шығып сөйлеген сөзинде ҳәм аймақларға сапар етиўинде мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын арттырыў, бул мәкемелерде балаларды мектепке сапалы таярлаўды түп-тийкарынан жақсылаў, тәлим-тәрбия процесине дүнья әмелиятында кеңнен қолланылатуғын заманагөй билимлендириў бағдарламалары менен технологияларын енигизиў басламасын көтерип, бул бағдарда әҳмийетли ўазыйпаларды алға қоймақта.

Быйылғы жылғы сапарында Елбасшымыз Нөкис қаласындағы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынында қурылған көп қабатлы турақ жайлар ҳәм олардың биринши қабатында жайласқан мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде болды.

Президентимиз Қарақалпақстан Республикасына алдынғы сапары ўақтында Нөкис қаласында социаллық объектлер, турақ жайлар қурылысының жойбарлары менен танысып, балалар бақшасын, шаңарақлық поликлинканы көп қабатлы турақ жайлардың биринши қабатында жайластырыў бойынша усыныслар берген еди. Қаланың Абдамбетов көшесинде мине усындай жойбардағы 5 қабатлы 10 арзан турақ жай қурылды. Бул үйлерден екеўиниң биринши қабатында «Нәўше» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм шаңарақлық поликлиника шөлкемлестирилди.

– Келешек әўладтың саламатлығын тәмийинлеў, балалардың физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсанлар болып жетилисиўинде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң орны гиреўли. Әсиресе, Елбасшымыздың нәзери түсип,  бизлердиң бақшамызда болғанынан шексиз қуўаныштамыз. – дейди бақша меңгериўшиси Мехрибану Мамутова. – Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурылған «Нәўше» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси 50 орынға мөлшерленген. Биз 2 жастан 7 жасқа шекемги балаларды қабыллаймыз (балаларды алып келиў ўақты азанғы саат 08:30, алып кетиў ўақты саат 18:30 етип белгиленген).  Бақшамызда ҳәр бир балаға өз алдына тәлим – тәрбия бериледи. Балалардың санасын өсириўге көмеклесетуғын ҳәр түрли ойыншықлар, методикалық қолланбалар менен тәмийинленген. Инглис тили, рус тили, шахмат-шашка, қыз балалар ушын көркем гимнастика дөгереклери шөлкемлестирилген.

Бақшамызда тәжирийбели, жоқары мағлыўматлы тәрбияшылар, рус ҳәм инглис тилинен сабақ беретуғын тәрбияшы-оқытыўшылар, мийирбийке, аспаз ҳәм оның жәрдемшиси келешегимиз болған балаларымызды тәрбиялаўға хызмет етеди.

 

Президентимиздиң балаларымыз ушын усындай бақшаларды ашыўға имканият жаратып берип атырғанына алғысымыз шексиз. Елбасшымыздың тиккелей басламасы менен исленип атырған бул ийгиликли жумыслар ҳәм үлкен итибар ушын шын кеўилден миннетдармыз. Бул билдирилген исенимди ақлаў ушын келешекте жас әўладтың бәркамал интеллектуал инсанлар етип тәрбиялаў жолында  аянбай хызмет етемиз.

М.МАМУТОВА,

«Нәўше» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси меңгериўшиси

Қарақалпақстан хабар агентлиги