Пайтахтымызда «Тадбиркор аёл» Өзбекстан Исбилермен ҳаяллар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети бирге ислесиўши бир қатар шөлкемлер менен биргеликте «Инновациялар ҳәм инвестициялар жергиликли және сыртқы базарларда ҳаял-қызлар исбилерменлиги раўажланыўының нәтийжели дәреги» атамасында Ҳаял-қызлар исбилерменлиги ҳәптелигиниң басланыўына арналған дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Онда тийисли министрликлердиң, мәкеме менен кәрханалардың жуўапкер хызметкерлери, исбилермен, өнермент ҳәм фермер ҳаял-қызлар қатнасты.

Дәслеп қатнасыўшылар «Исбилермен ҳаял: Бизнес ҳәм спорт» марафоны шеңберинде аралыққа жуўырыўды ҳәм дене шынықтырыўларын әмелге асырды. 50 ге шамалас ҳаял-қыз қатнасқан марафонда финишке бириншилерден болып жетип келген Ш.Ибрагимова, Г.Қурбаниязова ҳәм Г.Оразоваларға «Ҳүрмет жарлығы» менен естелик саўғалары тапсырылды.

Илажда «Тадбиркор аёл» Өзбекстан Исбилермен ҳаяллар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң, Қарақалпақстан Республикасы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң, Әдиллик министрлигине қараслы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң, «Өнермент» ассоциациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық Банки Қарақалпақстан Республикалық басқармаларының қәнигелери тәрепинен Өзбекстанда ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылғаны атап өтилди.

Халықаралық ҳаяллар исбилерменлиги күни (Womens Entrepreneurship Day – WED) мүнәсибети менен 2016-жылдан берли «Тадбиркор аёл» Өзбекстан Исбилермен ҳаяллар ассоциациясы ҳәр жылы исбилермен ҳаялларды ҳәм кең жәмийетшиликти қамтып алған ҳалда кең көлемли илажларды өткерип келмекте.

Быйыл да 19-24-ноябрь аралығында өткерилип атырған ҳәптелик шеңберинде спорт илажлары, дөгерек сәўбетлери, мастер-класслар, «Инновациялар ҳәм инвестициялар жергиликли және сыртқы базарларда ҳаял-қызлар исбилерменлиги раўажланыўының нәтийжели дәреги» халықаралық конференциясы, «Business women expo – 2018» көргизбеси, «Анор-2018» республикалық исбилермен ҳаяллар таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтеди.

Нөкис қаласында өткерилген дөгерек сәўбетинде быйылғы жылдың он айы ишинде республикамыздағы 1803 ҳаял-қыз басқарған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине 101 миллиард 316 миллион, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы бойынша 763 ҳаял-қызға 15 миллиард 688 миллион сум муғдарында кредитлер ажыратылғаны, ал, «Жаслар – келешегимиз» бағдарламасы шеңберинде усы атамада шөлкемлестирилген фонд қаржылары есабынан 2018-жылдың екинши ярым жыллығында 50 миллиард сум муғдарында жеңиллетилген кредитлердиң ажырытылыўы режелестирилгени атап өтилди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 627  ҳаял-қыз фермер хожалықларын басқарып киятырғаны, быйыл соннан 98и пахташылық тараўында ҳәм 76сы ғәллешилик бойынша мәмлекетлик шәртнаманы орынлап, қырманымызға өз үлесин қосқаны айтылды.

Дөгерек сәўбетиниң жуўмағында «Анор-2018» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында жеңимпаз болған исбилермен ҳаял-қызларды сыйлықлаў мәресими болып өтти. Өндирис, фермершилик, халыққа хызмет көрсетиў бағдарларында мийнет етип атырған ҳаял-қызлар арнаўлы диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.