Пахта шийки затын республикамыздың өзинде қайта ислеп, жип ҳәм оннан ҳәр қыйлы гезлеме материалларын тоқып, ишки ҳәм сыртқы базарларға таяр өнимлерди шығарыў мақсетинде «Bostan Mega Tekstil» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жумыс баслады. Жәмийетте жылына 5 мың тонна пахта жибин ҳәм 10 миллион квадрат метр жинси материалларын ислеп шығарыў жолға қойылды.

Бүгинги күнде Елликқала районы дийқанлары жетистирген пахта зүрәәтинен таяр өнимлерди ислеп шығарып атырған жаңа кәрхананың имаратын капитал оңлаў, сырт еллерде ислеп шығарылған тоқымашылық үскенелерин алып келип орнатыў ушын 10 миллион 100 мың АҚШ доллары сарыпланған. Буннан тысқары жылына 5 мың тонна пахта жибин ҳәм 3,5 мың тонна сүлги материалларын ислеп шығаратуғын «Bostan Ultimate Tekstil» кәрханасын шөлкемлестириў ушын 8,9 миллион АҚШ доллары ажыратылып, бүгинги күнде үскенелерди орнатыў жумыслары алып барылмақта. Бул кәрхананы келеси жылдың март  айына қурып питкериў ҳәм иске қосыў режелестирилген.

«Bostan Mega Tekstil» ЖШЖ «Bostan Klaster» ЖШЖ қурамында шөлкемлестирилген болып, жыллық жойбар қуўаты 5 мың тонна пахта талшығын қайта ислеп, ийирилген жипке айландырады. Германияда ислеп шығарылған үскенелер пахта тазалаў заводында пахта шийки затына дәслепки қайта ислеўди әмелге асырып, шигитинен ажыратылғаннан соң алып келинген пахтадан ийирилген жип ислеп шығарады. Ҳәзирги ўақытта Қытай Халық Республикасына экспорт етиў жумыслары басланды. Бүгинги күнге шекем 950 мың АҚШ долларлық ийирилген жип экспорт етилди.

Тоқымашылық кәрханалары қурамалы жумыс процесслери орынланатуғын орын болғаны себепли «Bostan Mega Tekstil» бир шетинен шигитсиз пахта шийки заты киретуғын ҳәм оны жип етип  ийириў, бояў ҳәм гезлеме тоқыў сыяқлы қыйын операцияларды орынлап, екинши тәрептен таяр өним шығатуғын кәрхана болып табылады. Егер кәрхананың қайсы бир цехында кишигирим кемшилик жиберилсе бул оннан кейинги өндирислик линияларының тоқтап қалыўына алып келеди. Сонлықтан ҳәр бир цехта тоқымашылық агрегатларының үзиликсиз ҳәм кемшиликсиз ислетилиўи талап етиледи.

– Өним жипти ийириў процесинен соң таярлаў, бояў ҳәм пардозлаў цехына келеди, – дейди жәмийеттиң баслығы Жумабай Жаббаров. – Бул жерде Италияда ислеп шығарылған үскене шийки затты жинси материалына айландырып береди. Яғный жип гезлеме болыўдан алдын боялып, соң тоқыўға бериледи. Бул жерде жип боялады, тоқыў ушын шыдамлылығы арттырылады, кейин тоқыў станокларына өтеди.

«Bostan Klaster» ЖШЖ не қараслы «Bostan Mega Tekstil» кәрханасы қурып питкерилгеннен соң бул жерде 300 ден аслам ҳаял-қыз келип жумысқа орналасты. Ҳәзир олар шигитинен ажыратылған пахтаны тоқымашылық санааты менен жип ийириўден баслап таяр өним шыққанға дейинги барлық жумысларды орынлап атыр. Жаңа кәрханада жумысшылар ушын барлық шараятлар жаратып берилген.

Бельгия мәмлекетинен алып келинген 30 тоқымашылық станогында 7-8 түрдеги жинси материалы  ислеп шығарылып, жақын күнлерде бул өнимди де толығы менен экспортқа шығарыў жолға қойылады. Тоқыў фабрикасының жыллық ислеп шығарыў қуўатлылығы жылына 10 миллион квадрат метр жинси материалын ислеп шығарыўды қурайды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 25-январьдағы «Пахта-тоқымашылық өндирисин шөлкемлестириўдиң заманагөй усылларын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында быйылғы жылы Елликқала районы бойынша 382 фермер хожалығы «Bostan Klaster» ЖШЖ менен шәртнама дүзип, шигит екти. Егис ҳәм ғаўаша тәрбиясы жумысларын жүргизиў ушын оларға алдыннан 42 миллиард 300 миллион сум аванс пуллары төленди. Нәтийжеде дийқаншылық ушын аўыр келген быйылғы жылда «Bostan Klaster» менен шәртнама дүзген бул фермер хожалықларының 320 дан асламы усы күнге шекем пахта таярлаў шәртнамасын орынлап шықты.

Бурын пахтаны шигиттен өндирип, ғаўашаны тәрбиялаған менен зүрәәтин жыйнап, пахта заводларына тапсырғаннан соң өнимниң оннан кейинги тәғдири гүман астында қалатуғын еди. Енди болса, пахта республикамыздың өзинде қайта исленип, таяр өнимге айландырылып, ҳәттеки, сырт еллерге экспорт етилмекте. Шәртнамаға бола, фермер хожалықлары енди бурынғыдай  тек жетистирилген пахта шийки затынан емес, ал, оның қайта исленип, таяр өним болып шыққанына шекем болған дәраматтан тийисли үлесин алады. Бул фермер хожалықларының экономикалық жағдайының және де беккемлениўине хызмет етеди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.