Бүгин, 20-ноябрь күни халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң гезексиз отыз жетинши сесесиясы болып өтти.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.

Бурын Қашқадәрья ўәлаяты прокурорының орынбасары болып ислеп келген Янгабой Аминович Бабаджанов Төрткүл районының ҳәкими етип тастыйықланды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша 2-санлы «Наўрыз» сайлаў округинен депутат З.Абдуллаева, 20-санлы «Уллы бағ» сайлаў округинен депутат У.Юлдашев, «Нураный» қорының районлық бөлими баслығы Ю.Хужаниязов шығып сөйлеп, районның жаңа басшысы менен биргеликте аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўға өзлериниң үлесин қосатуғынлығына исеним билдирди.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Муродов, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының жуўаплы хызметкери О.Носировлар  қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги