Россия Айрықша жағдайлар министрлигиниң мағлыўматаларына қарағанда, аймақта бийиклиги 10 метрден артық болған еки жаныў орайы дизимге алынған.

Москва Қубласындағы Капотня нефтти қайта ислеў заводында бүгин азанда өрт келип шықты.

Россия Айрықша жағдайлар министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, аймақта бийиклиги 10 метрден артық болған еки жаныў орайы дизимге алынған.

«Риа Новости»диң бул ҳаққындағы хабарында айтылыўынша, өртке қурамалылықтың жоқары дәрежеси берилген. Өрт өшириўшилер аймақта өртти сапластырыўға қыйналған.

Энергетка министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, Москва ўақты менен саат  8:20 да өрт тарқалыў қәўпи ҳаққында хабар берилген.

Кейинги хабарларда болса нефтти қайта ислеў заводындағы өрт халыққа ҳәм қоршаған орталыққа ҳеш қандай қәўип салмайтуғыны айтылды.

Ҳәзирги ўақытта өрт сапластырылған.

ӨзА