19-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары туўысқан еллеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының жедел раўажланып, избе-из беккемленип атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Барлық дәреже ҳәм бағдарлардағы байланыслардың жеделлесиўи көп қырлы Өзбекстан – Қазақстан бирге ислесиўин және де кеңейтиўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Өз-ара саўда көлеми артып, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында, соның ишинде, аймақлар ҳәм исбилерменлер арасында кооперация кеңейип бармақта. Усы жыл 15-ноябрь күни Шымкент қаласында еки елдиң шегара алды аймақлары ҳәм жетекши компаниялары басшыларының қатнасыўында биринши аймақлараралық бирге ислесиў форумы табыслы өткерилди.

Қазақстанда Өзбекстан жылы шеңберинде исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасы мазмунлы болғаны атап өтилди. Жыл басынан берли 50 ден аслам бирликтеги илаждың өткерилгени буның тастыйығы болып есапланады.

Сөйлесиў даўамында мәмлекет басшылары жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңбериндеги әмелий бирге ислесиў перспективаларын, сондай-ақ, алдағы илажлар режесин додалады.

Әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер, соның ишинде, 2019-жылда елимизде өткерилетуғын Орайлық Азия мәмлекет басшыларының екинши мәсләҳәт ушырасыўына таярлық жумыслары ҳаққында пикир алысылды.

Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары туўысқан Өзбекстан ҳәм Қазақстан халықларының абаданлығы және пүткил регионда турақлылық пенен избе-из раўажланыўды тәмийинлеў жолында кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да жедел раўажландырыў, көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын, еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў бағдарында умтылысларының исенимли екенин атап өтти.

ӨзА