Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында 19-ноябрь күни конгрессмен Трент Келли басшылығындағы АҚШ Конгресси делегациясы менен ушырасыў болып өтти.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев Өзбекстан-АҚШ қатнасықлары көплеген тараўларда, соның ишинде, парламентаризм бағдарында избе-из раўажланып атырғанын айрықша атап өтти. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жылы май айында АҚШқа тарийхый сапары шеңберинде ерисилген келисимлердиң нәтийжесинде еки тәреплеме бирге ислесиўдиң және де раўажланып атырғаны атап өтилди.

АҚШ Конгресси делегациясының елимизге сапары океан арты диярының елимиз бенен бирге ислесиўди күшейтиўге қызығыўшылығы күн сайын артып баратырғанынан дәрек береди. АҚШ Конгрессинде «Өзбекстан бойынша кокус» дүзилгени пикиримизди тастыйықлайды. Бул дүзилме парламентлераралық байланысларды кеңейтиў ҳәм тереңлестириў, Өзбекстан ҳәм АҚШ тағы жәмийетлик-сиясий процесслердиң мәнисин нәтийжели таллаў имканиятын береди.

Өзбекстанда алдынғы сырт ел тәжирийбеси, дүнья илим жетискенликлери, инновациялық технологиялар тийкарында экономикалық ҳәм социаллық тараўды раўажландырыў бойынша кең көлемли реформалардың әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Өзбекстан менен АҚШ арасындағы саўда-экономикалық, финанслық-инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди раўажландырыўда өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов пенен болып өткен ушырасыўда делегация ағзаларына елимиздеги нызам дөретиўшилиги, парламент төменги палатасының комитетлери ҳәм институтлары, дослық топарларының жумысы ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Сол күни АҚШ Конгресси делегациясы елимиздеги бир қатар министрликлер менен уйымларда да болып сиясий-экономикалық қатнасықларды буннан былай да жеделлестириўге байланыслы шөлкемлестирилген сөйлесиўлерге қатнасты.

10.JPG

11.JPG

Зухра МИРЗАБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы