Пайтахтымызда Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте БМШтың «Ҳаял-қызлар ҳуқықлары кемситилиўиниң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққында»ғы конвенциясының орынланыўына бағышланған дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Онда тийисли министрликлер, уйымлар, ҳаял-қызлар жәмийетлик дүзилмелериниң жуўапкерлери менен халықаралық шөлкемлерден ўәкиллер қатнасты.

Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары Г.Маъруфова, Уллы Британия ҳәм Шығыс Ирландия Бирлескен Патшалығының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси К.Аллан, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкилиниң орынбасары Ф.Караханов, БМШ ЮНФПА қорының елимиздеги ўәкилиниң орынбасары К.Иномхўжаев, Пуқаралық басламаларын қоллап-қуўатлаў орайының директоры Д.Қобулова ҳәм басқалар Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў бойынша жаратылған миллий нызамшылық халықаралық нормативлик ҳүжжетлерге үйлесимли екени атап өтилди.

Инсан ҳуқықлары бойынша пүткил дүньялық декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген бул илажда БМШтың «Ҳаял-қызлар ҳуқықларының кемситилиўиниң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққында»ғы конвенциясының қағыйдаларын орынлаўға байланыслы жумысларының есабаты ҳәр тәреплеме додаланды.

Елимизде ҳаял-қызлар комитетлериниң жумысын дәўир руўхына сай жетилистириў, шаңарақларды беккемлеў, гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери мәмлекетимиздиң турақлы итибарында болып келмекте. Өткен еки жыл Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң жумысында да тийкарғы унамлы бурылыс дәўири болды, деп айтыў мүмкин. Мәҳәллелерден баслап барлық дүзилмелерде вертикал түрде ҳаял-қызлар менен ислесиўге байланыслы әмелий илажлар дәўир руўхына сай түрде алып барылмақта.

2.JPG

Шаңарақларға кириў, үйме-үй жүриў әмелиятының кеңнен енгизилиўи нәтийжесинде ҳаялларды ойландырып атырған әҳмийетли машқалаларға тез, өз ўақтында, ақылға уғрас шешим табылмақта. Орынларда Ҳаяллар социаллық реабилитация орайларының жумысын кең жолға қойыў, сапа жағынан жақсы нәтийжелерге ерисиўге үлкен итибар қаратылмақта. Шағым ҳәм мүрәжатлар менен аналитикалық ислесиў механизми жолға қойылған. Булардың барлығы мәҳәллелерде шаңарақларға, ҳаял-қызларға итибарды күн сайын күшейтиў, апа-сиңлилермиздиң билип-билмей жынаят көшесине кириўиниң   алдын алыўда, шаңарақларды беккемлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Дөгерек сәўбетинде ҳаял-қызлар ҳуқықлары кемситилиўиниң барлық түрлерин сапластырыў бойынша усыныслардың орынланыўы бағдарында экспертлердиң шешими және Миллий ҳәрекетлер режесиниң тийкарғы нәтийжелери тыңланды. Миллий ҳәрекетлер режесиниң әмелге асырылыўында жүзеге келген кемшиликлер ҳәр тәреплеме талланды. Оларды сапластырыў бойынша әмелий пикир-усыныслар ислеп шығылды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республикалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.Норбоева шығып сөйледи.

Н.УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы